Жаңа жыл алдынан жаңа имаратлар

Жаңа жыл байрамы алдынан райондағы бир неше билимлендириў шөлкемлери имаратларының салтанатлы ашылыў мәресимлери болып өтти.
Төрткүл районы “Машъал” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 42-санлы мектептиң де ашылыўы мектеп оқыўшылары ушын умытылмас ўақыя болды, десек асыра айтқан болмаймыз. Бул мектепте 330 орынлық қосымша жаңа оқыў имаратының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Жаңа оқыў имаратын қурыў ушын 4,337 миллиард сум қаржы ажыратылған болып, қурылыс жумыслары “MA To‘rtko‘l stroy” ЖШЖ тәрепинен жоқары сапада жуўмағына жеткерилди. Енди мектеп оқыўшылары және де заманагөй ҳәм қолайлы шараятларда билим алады.
Сондай-ақ, райондағы “Уллыбағ” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңа, көркем 74-санлы мектеп өз жумысын баслады. Бул мектеп 330 орынға мөлшерленген жаңа оқыў имараты ҳәм заманагөй спорт залына ийе болып, бул имараттың қурылысына 11 миллиард 681 миллион 205 мың 173 сум қаржы ажыратылып, “Xivaneftgaz qurilish ta’mirlash” ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылды.
Салтанатлы ашылыў мәресиминде район ҳәкими И.Худайбергенов қатнасып, жыйналғанларды усы қуўанышлы ўақыя – жаңа имаратлардың ашылыўы ҳәм кирип киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги