Қанлыкөлдеги жаңа жыл қуўанышлары

Қанлыкөл районы турғынлары да жаңа 2026-жылға бағышланған байрам илажларында көтериңки руўхта қатнаспақта.
Усы мүнәсибет пенен райондағы “Жаслар сейили” орайы балалар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, мийманлар менен толып, байрам сейили өткерилди. Республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында концерт бағдарламалары шөлкемлестирилди.
Байрам илажында район ҳәкими Б.Султанов жыйналғанларды жаңа жыл менен қызғын қутлықлап, район халық хожалығы тараўларында 2025-жылда ерисилген жетискенликлерге кең түрде тоқтап өтти.
Шынында да, Жаңа жыл байрамы ҳәр бир инсанның өмиринде жаңа режелер, жаңа басламалар, жаңа идеялар босағасы, артта қалып атырған жылды жуўмақлаў, жыл даўамында әмелге асырылған ҳәм әмелге асыра алмаған жумыслар, қолға киргизилген табыслар ҳәм жол қойылған кемшиликлерди улыўмаластырып, жуўмақ шығаратуғын, келешек режелерин белгилейтуғын байрам екенлиги менен ажыралып турады.
Райондағы байрамға бағышланған илажлар балалар бақшаларында, мектеплерде ҳәм мийнет жәмәәтлеринде де өткерилип, балаларға саўға тарқатылып, концерт бағдарламалары, ертек қаҳарманларының шығыўлары шөлкемлестирилди.

Жаңа жыл байрамы елимиз бойлап көтериңкилик руўхында даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги