Жаңа пәрман менен исбилерменлерге қандай қолайлықлар жаратылды?

6

Алдын хабар берилгениндей, бажыхана хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 17-декабрьдеги “Бажыхана ҳәкимшилиги ҳәм сыртқы саўда тәртиплерин және де әпиўайыластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының мазмун-мәнисин исбилерменлик субъектлерине түсиндириў жумыслары даўам етпекте.

Сырт елли исбилерменлик субъектлерине де түсиндириў жумысларын алып барыў мақсетинде «CHINA RAILWAY 20 BUREAU GROUP CORPORATION» кәрханасының ўәкиллери менен дөгерек сәўбети өткерилди.

Бул кәрхана тәрепинен ҳәзирги күнде аймақта дәрья қурылысы жумыслары алып барылмақта. Кәрхана ўәкиллерине пәрманда белгиленген бажыхана ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў, сыртқы саўда тәртип-қағыйдаларын жеңиллестириў ҳәм исбилерменлерге жаратылып атырған қолайлықлар бойынша толық мағлыўматлар берилди.

Атап айтқанда, 2026-жыл 1-марттан баслап товарларды шегара өткериў пунктлерине жетип келгенге шекем дәслепки декларациялаў арқалы “еркин айланысқа шығарыў” бажыхана режимине жайластырыўда бажыхана рәсмийлестириўи ушын өндирилетуғын бажыхана төлеминиң муғдары 20 процентке азайтылыўы ҳәм бажыхана төлемлерин бөлип-бөлип (кешиктирип) төлеўде 14 күнге шекем процентлер есапланбаўы белгиленгени атап өтилди.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-майдан баслап товарларды дәўирлик декларация арқалы рәсмийлестириўде бажыхана төлемлерин товарлар республика аймағына кирип келгенде ҳәр бир партия ушын өз алдына төлеў имканияты жаратылатуғыны ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.

Ушырасыў даўамында әмелий мәселелер додаланып, усы қарардағы жеңилликлер менен абзаллықлар түсиндирилип, келешекте әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында дөгерек сәўбети де өткерилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

А.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги