Жаңа жыл балалардың күлкиси менен гөззал

19

Жаңа жыл байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлериниң шаңарақ ағзалары ҳәм перзентлери ушын Кәсиплик аўқам комитети тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында мәдений илаж шөлкемлестирилди.

Байрам бағдарламасы шеңберинде балалар ушын сахналастырылған “Жуманжи” атлы рәңбәрең ҳәм қызықлы спектакль қойып берилди. Театр сахнасында жанланған ертек  ўақыялары, кеўилли қаҳарманлар ҳәм нама-қосықлар ҳәм сулыў сахна безеўлери балалардың кеўлинде шексиз қуўаныш оятты.

Бул илаж тек ғана балалар ушын ҳақыйқый байрам саўғасына айланып қоймастан, ал хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын да қызғын орталықта бирлесиў, қуўанышты бирге сезиў имканиятын жаратты. Залдағы балалардың пәк күлкиси, ата-аналардың жүзиндеги кеўилли күлки илаждың тийкарғы мақсетин және де айқын көрсетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги