Жаңа жыл байрамы көтериңки кейпиятта өтти

Ҳәзирги ўақытта елимиз бойлап Жаңа жыл байрамы кейпияты гезип, орынларда байрам илажлары өткерилмекте. Усындай көтериңки руўхтағы илажлар Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында да өткерилди.
Байрам кешесин филиал директоры А.Есимбетов ашып берип, кирип киятырған 2026-жыл менен барлық устазларды, хызметкерлерди ҳәм студент-жасларды қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди. 2025-жыл филиал ушын нәтийжели, берекетли ҳәм әҳмийетли жетискенликлерге бай болғанын айрықша атап өтти. Билимлендириўдиң сапасын арттырыў, илимий потенциалды беккемлеў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм студент-жаслардың белсендилигин қоллап-қуўатлаў бағдарларында ерисилген нәтийжелер жәмәәттиң пидәкерлик мийнетиниң нәтийжеси, әлбетте.
Салтанатлы кешеде бир қатар белсенди профессор-оқытыўшыларға ҳәм хызметкерлерге жаңа жыл саўғалары тапсырылды. Сондай-ақ, үш номинация бойынша жылдың ең жақсы оқытыўшылары сыйлықланып, оларға диплом ҳәм ваучерлер тапсырылды.



Байрам бағдарламасы даўамында эстрада көркем өнери ўәкиллери тәрепинен атқарылған концерт бағдарламасы илажға айрықша пайыз бағышлады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги