Жаңа жыл байрамы өзгеше кейпиятта өткерилди

19

Ҳәр жылы халқымыз жаңа жылды жақсы нийетлер менен күтип алады. Быйылғы жылы да Қараөзек районында Жаңа жыл байрамына жақсы таярлықлар көрилип, шырайлы етип безелген шырша әтирапында шөлкемлестирилген «Президент шыршасы» илажына аймақ халқы менен кишкене балаларымыз мирәт етилди.

Тийкарғы байрам сейиллери район орайындағы «Дем алыў бағы»на шырайлы етип безелип орнатылған шырша әтирапында өткерилип, илажда район ҳәкими Анвар Баймуратов ҳәм нураныйлар аймақ халқын жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, халқымызға тынышлық, абаданлық тилеп, өтип баратырған жылдағы район жетискенликлерине айрықша тоқтап өтти.

Көтериңки кейпиятта басланған «Президент шыршасы» илажы республикамызға белгили эстрада қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы