Суд бийғәрезлиги – әдиллик өлшеми

Бүгинги күни дүньяда глобаллық қәўип-қәтерлер трансформацияланып атырған оғада қурамалы шараятта ҳәр бир мәмлекет алдында, биринши нәўбетте, пуқаралардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, инсан ушын мүнәсип ҳәм абадан турмыс кешириў шараятларын жаратыў ўазыйпасы тур. Бул стратегиялық әҳмийетли мақсетлерге ерисиўде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўды өзиниң тийкарғы ўазыйпасы етип белгилеген мәмлекетлик ҳәкимияттың бийғәрез тармағы – суд ҳәкимияты айрықша әҳмийетке ийе.
Әлбетте, судлар жумысының нәтийжелилиги ҳәм әдил судлаўдың сапасы көп жағынан суд ҳәкимиятының ҳақыйқый бийғәрезлигине тиккелей байланыслы. Халықаралық-ҳуқықый ҳүжжетлерде суд ҳәкимияты бийғәрезлигин тәмийинлеўге байланыслы анық кепилликлер белгиленген. Атап айтқанда, БМШ тәрепинен 1985-жылы қабыл етилген Суд ҳәкимияты бийғәрезлигиниң тийкарғы принциплериниң 1-бәнтине муўапық, суд ҳәкимиятының еркинлиги мәмлекет тәрепинен кепилленеди ҳәм мәмлекеттиң Конституциясы ямаса нызамларында беккемленеди.
Усы тийкарда, судлардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў Өзбекстан Республикасында мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, “судлардың жумысына ҳәр қандай араласыў әдил судлаўға «сая салыў» есапланады. Бул бойынша сораў да, жуўапкершилик те қатал болады.”
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 136-статьясында судьялар бийғәрез екенлиги, тек ғана нызамға бойсыныўы, судьяның әдил судлаўды әмелге асырыў жумысына ҳеш қандай араласыўға жол қойылмайтуғыны ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болатуғыны қатаң белгилеп қойылған.
Бул конституциялық қағыйдалар нызамларымызда және де толық беккемленген. Мәселен, “Судлар ҳаққында”ғы нызамның 67-статьясына бола, судьялардың бийғәрезлиги судьяларды нызамда белгиленген тәртипте сайлаў, тайынлаў ҳәм азат етиў, судьялардың қол қатылмаслығы, әдил судлаўды әмелге асырыўда қатаң процессуаллық тәртиплерге әмел етилиў, қарар қабыл етиўде судьялар мәсләҳәтиниң сыр сақланыўы ҳәм де оны жәриялаўды талап етиўдиң қадаған етилиўи, судқа ҳүрметсизлик етиў ямаса белгили бир ислерди шешиўге араласқаны, судьялардың қол қатылмаслығын бузғанлық ушын жуўапкершилик белгилениўи ҳәм судьяларға мәмлекет есабынан олардың жоқары статусына мүнәсип материаллық ҳәм социаллық тәмийнат жаратылыўы кепилликлери арқалы тәмийинленеди.
Нызам нормаларының талаплары бузылған жағдайда, нызамшылықта тийисли жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылған. Атап айтқанда, судқа ҳүрметсизлик еткени ушын Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 180-статьясында, тергеў ямаса суд ислерин шешиўге араласқаны ушын болса, Жынаят кодексиниң 236-статьясында қатаң жуўапкершилик белгиленген. Бул болса, суд ҳәкимияты бийғәрезлигине байланыслы кепилликлерди және де беккемлейди.
Улыўмаластырып айтқанда, суд ҳәкимиятының бийғәрезлиги – әдил судлаўдың сапасын арттырыўдың ең әҳмийетли кепили болып есапланады. Бул принцип Конституция ҳәм нызамларымызда айрықша беккемлеп қойылған. Суд ҳәкимияты бийғәрезлигине қарсы қаратылған ҳәр қандай ҳәрекет жәмийетлик қәўипли қылмыс сыпатында баҳаланып, нызам менен жуўапкершиликке себеп болады.
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, “судлардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў биз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болып есапланады. Әсиресе, суд қандайда бир лаўазымлы шахстың қолы жететуғын уйымға айланып қалыўына улыўма жол қоймаў шәрт.”
Азат Иматов,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суд судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги