Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң баслығы сайланды

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң гезектеги сессиясы болып өтти. Онда район турмысы ушын әҳмийетли болған мәселелер қатарында шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды.
Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 120-статьясына муўапық, буннан былай Халық депутатлары Кеңесине ҳәким емес, ал депутатлар арасынан сайланған баслық басшылық етеди. Ҳәким ҳәм Кеңес баслығы лаўазымларын бир шахс ийелеўи мүмкин емес. Бул тәртип 2024-жылы ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында енгизилген, 2026-жыл 1-январьдан баслап барлық район ҳәм қалалық Кеңеслерге енгизилиўи белгиленген.
Усы тийкарда, бүгинги сессияда “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Нызамның 163-статьясына муўапық, Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси баслығының сайлаўы өткерилди. Талабанлар сиясий партиялардың ўәкиллери тәрепинен усыныс етилди.
Ашық-айдын ҳәм нызамлы сайлаў нәтийжесинде, депутат Абдижаббар Тлеуов Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң баслығы етип сайланды.
Бул – жергиликли ўәкиллик ҳәкимиятында ашық-айдынлық, турақлылық ҳәм жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Сессия даўамында район турмысының әҳмийетли бағдарлары бойынша есабатлар ҳәм режелер додаланды. Атап айтқанда, 2025-жылы Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2026-жылға мөлшерленген режелер, «Ҳаял-қызлар дәптери”ниң алтыншы басқышы шеңберинде дизимге алынған ҳаял-қызларды белгиленген тәртипте дизимнен шығарыў мәселелери, мәҳәллелер системасы, руўхый-ағартыўшылық тараў ҳәм мәмлекетлик тил бойынша 2025-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслар, 2026-жыл ушын жергиликли бюджеттиң тийкарғы көрсеткишлери ҳәм финанслық параметрлерин тастыйықлаў, 2026-жылда Мойнақ районын комплексли раўажландырыў бағдарламасы мәселелери көрип шығылып, барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги