«Сиясаттағы жаслар» интеллектуаллық турнири өткерилди

Қоңырат районында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен партия «Жаслар қанаты» ағзалары, жоқары оқыў орынларының студент жаслары арасында «Сиясаттағы жаслар» интеллектуаллық жарысы өткерилди.
Илажды Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары М.Есенгелдиев ашып берди ҳәм қатнасыўшыларды қутлықлады.
– Илаждың тийкарғы мақсети – жаслардың сиясий билимлерин арттырыўдан, олардың жәмийетлик турмыста, сиясий процесслерде белсене қатнасыўын тәмийинлеўден, қәбилетли ҳәм интакер жасларды анықлаўдан ибарат, – дейди Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Партия идеяларын үгит-нәсиятлаў ҳәм мәлимлеме сиясаты бөлими баслығы Нурлан Кышанов. -Интеллектуаллық жарыс қатнасыўшылары “Тез сораў-жуўап” ҳәм “Сиясий тез жуўап” шәртлеринде өз билимлерин сынақтан өткерди.
Қызғын беллесиўге толы болған жарыс жуўмағында “Гранд” командасы биринши орынды ийелеўге миясар болды.
Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар “Мәденият” ҳәм “Парламент” командаларына несип етти.

Жеңимпазлар партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы