Жаңа жыл алдында жаңа кадастр имараты ашылды

Елимизде ҳәр бир байрамды жақсы кейпиятта күтип алыў мақсетинде, аймақларда жаңа социаллық ҳәм өндирис объектлерин иске қосыў дәстүрге айланған. Сол айтқанындай ҳәзирги күнлери республикамыздың барлық аймақларында жаңаланыўлардың айқын көриниси болған бундай жаңа объектлер қурып питкерилип, халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта.
Усындай үлкен жаңалықлардың бири Кегейли районында да жүз берип, онда Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлары палатасы Қарақалпақстан Республикасы районлық бөлими ҳәм филиалының жаңа имаратының ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Кегейли районы ҳәкими А.Камалов, Қарақалпақстан Республикаси Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Б.Сейтназаров, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Тлеуов, ҳәм аймақ нураныйлары шығып сөйлеп, соңғы ўақытлары Президентимиз ҳәм республика ҳүкимети тәрепинен кадастр тараўына қаратылып атырған атырған айрықша итибар ҳәм нызамшылықтағы жаңалықлар ҳаққында атап өтти.
Буннан аймақ нураныйлары ҳәм тараў басшылары тәрепинен имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары жаңа хызмет көрсетиў орнында халқымыз ҳәм жумыс ислеўшилер ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Замангөй көринистеги еки қабаттан ибарат кадастр имараты Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағында район халқына сапалы хызмет көрсетиў ушын қолы гүл қурылысшылар тәрепинен қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы