Пайтахтымыз халқына және бир жаңа жыл саўғасы

13

Нөкис қаласында жәмийетлик транспорт хызметин раўажландырыў мақсетинде,  «Sapsan Trans Nukus» кәрханасы тәрепинен Қытай мәмлекетинен 24 млрд. сумлық қаржы есабынан 12 электробус алып келиў белгиленген болып, дәслепки 4 электробус Нөкис қаласына жетип келди.

– Бүгин-ертең қалған 8 электробус пайтахатымызға жетип келеди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниң  баспасөз хаткери Заҳийда Қалжанова. – Сондай-ақ,  Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы менен Нөкис қаласына жәми 200 автобус алып келиниўи белгиленген болып, бүгинги күни кәрханалар тәрепинен арнаўлы автотранспортларды алып келиў илажлары көрилмекте. Буннан тысқары, «Sapsan Trans Nukus» кәрханасы тәрепинен Нөкис қаласында 200 автобус сыйымлылығына ийе автобус паркин қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Әлбетте, транспорт тараўында жүз берип атырған бундай жаңаланыў ҳәм өзгерислер халқымыздың мүшкилин жеңиллетиўде ҳәм олардың турмыс абаданлығын арттырыўда әҳмийетли орын тутады. Бул жаңадан алып келинген электробуслар транспорт тараўы тарийхында зер ҳәриплер менен жазып қалынса әжеп емес.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы