Байрам алдынан ЖДСШ ескертеди: ҳәр үш жарақатланыўдың биреўи спиртли ишимлик пенен байланыслы

Қысқы дем алыс алдынан спиртли ишимликти тутыныў әдеттегидей артып атырған бир ўақытта, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) ҳәммеге жарақатлаў ямаса зорлық пенен байланыслы ҳәдийселер жүз бериўиниң тийкары алкоголь себепли екенин ескертпекте.
ЖДСШ есабатына бола, Европа ҳәм Орайлық Азияда жоқарыдағы факторлар себепли бақланып атырған өлимшилик жағдайларының үштен бири спиртли ишимлик ишиўге байланыслы.
2019-жыл мағлыўматы гөне континентте жарақатланып қайтыс болғанлардың дерлик 145 мыңы тиккелей адам өлтириўши зәҳәрди қабыл етиўден келип шыққанын дәлиллеген. Бул процессте өз жанына қастыянлық етиў, жол-транспорт ҳәдийсеси ҳәм жығылыўлар тез-тез ушырасқан. Қәнигелердиң атап өтиўинше, басқа ҳеш қандай психоактив элемент, тосаттан болсын, қастан болсын, бундай дәрежеде көп өлимге алып келмейди екен.

ЖДСШның алкоголь бойынша регионаллық кеңесгөйи Карина Феррейра-Боргес былай деп атап өтеди:
– Арақ рак кеселлигиниң жети түрин өз ишине алған аўыр, жуқпайтуғын кеселликлерди келтирип шығарады. Қалаберди, инсанның өз ҳәрекетлерин қадағалаў қәбилетин сезилерли дәрежеде азайтады, муўапықластырыў ҳәм сергеклик тең салмақлығын бузады, қәўип-қәтер итималын арттырады. Сол себепли көбинесе алдын алыў мүмкин болған жарақат ямаса өлимге алып келеди.
Алкоголь турақлы түрде күш көрсетиў ҳәм зорлықты келтирип шығаратуғын қәўиплерден бири болып қалмақта. Мәселен, 2019-жылы Европа регионында зорлық себепли дизимге алынған шама менен 26 500 өлим жағдайының 40 проценттен асламы арақ ишиў менен байланыслы. Өз жанына қастыянлық еткенлердиң үштен бир бөлегинен көбиреги де усы иллет себепли өмирден көз жумған. Ең жаманы, алкоголь тек ғана ишиўши емес, ал оның әтирапындағылар, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға да зыян жеткереди. Демек, ишиўшилик жақын шериклер ушын да қәўип факторы болып есапланады.

ЖДСШ спиртли ишимликлердиң әсиресе жас өспиримлер ҳәм жасларға тәсиринен айрықша қәўетерлениў билдирмекте.
Структураның жол ҳәрекети қәўипсизлиги бойынша регионаллық кеңесгөйи Жонатан Пассмордың пикиринше, жаслар турақлы түрде ишиўге әдетленбеген болса да, салыстырмалы қысқа ўақытта көп муғдарда ишиўге бейим. Бундай ҳәрекет нәтийжесинде жол-транспорт ҳәдийсеси, шөгиў, жығылыў, сондай-ақ, зорлық ислеў ҳәм өзине зыян жеткериў қәўпи сезилерли дәрежеде артады.
Әййемги континентте алкоголь тәсиринде жарақатланыў дәрежеси жоқарылығы сақланып қалмақта. Европаныӊ шығыс тәрепи бундай өлим жағдайы бойынша ең жоқары көрсеткишке ийе. Айырым мәмлекетлерде жарақатлардан қайтыс болғанлардың ярымынан көби спиртли ишимлик ишиў менен байланыслы ҳәдийсеге ушыраған. Батыс ҳәм қубла мәмлекетлерде бул көрсеткиш 20 проценттен артпайды.

Қәнигелер бул айырмашылықты ишиў мәдениятындағы айырмашылық, ўақты-ўақты менен ишиўшиликтиӊ тарқалыўы ҳәм ҳүкимет тәрепинен қадағалаў илажының нәтийжелилиги, яғный саўда қағыйдасына әмел етиў дәрежеси ҳәм емлеў усыллары менен байланыстырады.
ЖДСШ қәнигелери спиртли ишимликлерге жоқары баҳа ҳәм салық белгилеў, алкоголь саўдасы сааты ҳәм орнына шеклеў қойыў, маркетингти қатаң тәртипке салыў, мәс ҳалда машина айдаўға қарсы гүресиўди күшейтиў, денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде наўқаслар арасында зыянлы алкоголь тутыныўын ерте анықлаў ең нәтийжели илажлар екенин атап өтпекте.
С.Раҳимов, ӨзА