Мүрәжат: “Раўажланыў блогы” алдында турған ўазыйпалар белгилеп алынды

29

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы фракцияларының ағзаларынан ибарат “Раўажланыў блогы”ның мәжилисинде Мүрәжатта алға қойылған басламалардың мазмун-мәнисин сайлаўшыларға жеткериў, елимиздиң раўажланыўына хызмет ететуғын ўазыйпаларды әмелге асырыў процесслерине белсене қатнасыў, бул бағдарда әҳмийетли илажларды белгилеп алыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Кеңейтилген мәжилисте Мүрәжатта белгилеп берилген 6 тийкарғы бағдарды турмысқа енгизиў, “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” Мәмлекетлик бағдарламасында нәзерде тутылған ўазыйпалардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў, “Өзбекстан – 2030” стратегиясын жаңадан қабыл етиў мақсетлерине ерисиў парламентке айрықша жуўапкершилик жүклейтуғыны атап өтилди.

ӨзЛиДеП фракциясының басшысы Актам Ҳайитов Мүрәжатта белгиленген тийкарғы бағдарлар ӨзЛиДеП сайлаўалды бағдарламасында нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпаларға толық сәйкес келетуғынын атап өтти. Сонлықтан, партия ҳәм оның фракциясы бул реформаларды әмелге асырыўда, экономиканы көтериў, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм исбилерменлик ушын және де қолайлы орталық жаратыў жолында жуўапкершилик пенен жумыс алып баратуғынын айтып өтти.

“Миллий тикланиш” ДП фракциясының басшысы Алишер Қодиров Мүрәжатта Өзбекстан раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў бойынша алты тийкарғы бағдар Жаңа Өзбекстанның қүдиретин және де арттыратуғынын атап өтти. Онда парламент алдына да бир қатар ўазыйпалар қойылғаны айтылды.

Мәжилисте Мүрәжатта сәўлеленген барлық тараўлардың раўажланыўы жолындағы илажларға итибар қаратылып, олардың орынланыўын тәмийинлеўде парламент ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасын күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Мүрәжатта әдалатлы суд-ҳуқық системасы бағдарындағы реформалар даўам еттирилетуғыны, әсиресе, коррупцияға қарсы гүресиў буннан былай да жетилистирилетуғыны атап өтилди. Себеби бул иллет раўажланыўға тосқынлық, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин жолдан шығаратуғын жынаят болып есапланады. Президентимиз “коррупцияға жол қойыў реформаларымызға қыянет болып есапланады”, деп бийкарға атап өтпеген. Сол себепли, барлық уйымларда комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаўға жуўапкер орынбасар лаўазымы енгизиледи. Бул болса депутатларға да үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Депутатлар Мүрәжатта белгиленген тийкарғы бағдарлар партиялардың сайлаўалды бағдарламасында нәзерде тутылған мақсет ҳәм ўазыйпалар менен толық сәйкес екенин атап өтип, бул ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде белсене қатнасатуғынын билдирди. Соннан келип шығып, “Раўажланыў блогы”ның алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА