Нөкисте Жаңа жыл нәпеси

24

Нөкис қаласындағы “Дослық” майданында орнатылған орайлық шырша әтирапы ҳәр күни Жаңа жылды күтип алып атырған пайтахтымыз турғынлары ҳәм мийманларға толып, халқымыз кеўилли дем алмақта. Үлкен шырша жанында эстрадамыздың жарқын жулдызларының атқарыўында концерт бағдарламалары, кеўил ашар шығыўлар шөлкемлестирилмекте.

Күни кеше бул жерде Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Байрам Пердебаев ҳәм Жаноб Расул, Иляс Балтабаев, Ислам Муратбаев, Алишер Байниязов, сондай-ақ, “Айқулаш” Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң хош ҳаўаз қосықшылары ҳәм аяқ ойыншыларының атқарыўындағы Жаңа жыл байрамына бағышланған концерт бағдарламасы болып өтти.

«Қәдирданларым, ўатанласларым, аға-ини ҳәм апа-қарындасларым, бәршеңизди кирип киятырған жаңа – 2026-жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, Жаңа жыл халқымыз ушын бахыт-ығбал, тынышлық-татыўлық, қут-берекет жылы болыўын тилеймен», деген жақсы тилеклер ҳәммениң кеўлинде бар. Ол бул жерге жыйналған ҳәр бир инсанның жүзинде тарап турған нурдан, бир-бирине билдирип атырған жақсы тилеклеринен көринип турыпты.

Қәнигелердиң мағлыўматларына қарағанда, Жана жыл – ески жыл тамам болғаннан кейин басланатуғын гезектеги жыл; ески жылдың тамамланыўы ҳәм жаңа жылдың басланыўы белгиленетуғын күн. Жылдың басланыўы сыпатында 1-январь бизиң эрамызға шекемги 46-жылда Рим ҳүкимдары Юлий Цезарь тәрепинен орнатылған.

Жаңа жыл, стандарт ўақытты есапқа алған ҳалда, Тыныш океанында басланады, Кирибати Республикасының Лайн атаўларында биринши болып күтип алынады (UTC+14 (муўапықластырылған универсал ўақыт) зонасы). Америка Самоасы, Мидуэй атаўлары ҳәм Ниуэ (UTC-11) халқы Жаңа жылды ең кешигип – Лайн атаўларындағы Кирибатида 2-январьда ҳәм ярым түннен кейин 1 сааттан кейин күтип алады.

Ҳәзирги ўақытта 1-январь дүньялық байрам болып, дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде ең тийкарғы байрам сыпатында белгиленеди.

– Мен жаңа жылды байрамлаў ушын бала-шағаларым менен районнан келдим. Халқымыз жаңа жылды жақсы кейпиятта күтип алмақта. Байрамды кеўилдегидей етип күтип алыўы ушын орайлық шырша әтирапында барлық шараятлар жаратылған екен. Әсиресе, балаларым аттракционларда ойнап, әткөншек ушып қуўанып атыр. Усы Жаңа жылда ҳәр бир ўатанласымызға жаңа шеклерди ийелеўде, мәмлекетимиздиң социаллық ҳәм экономикалық турмысында үлкен табыслар яр болыўын тилеймен, – дейди байрам қатнасыўшыларынан бири.

Елимиз бойлап байрамға бағышланған илажлар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги