Өзбекстан – Қытай: 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлар додаланды

Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Илзат Қосимов ҳәм Қытай Халық Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь арасында ушырасыў болып өтти.
Сөйлесиў даўамында 2025-жылда Өзбекстан – Қытай бирге ислесиўиниң жуўмақлары көрип шығылды, сондай-ақ, 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлар ҳәм бирге ислесиў перспективалары додаланды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыслар турақлы раўажланып атырғаны атап өтилди. Сөйлесиў ўақтында Қытай тәрепи Өзбекстан қытайлы инвесторлар ушын қолайлы инвестициялық орталық бар мәмлекет сыпатында баҳаланып атырғанын атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан – Қытай үшинши регионаллық форумын өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Форум жумысында еки мәмлекет аймақлары, министрликлер ҳәм уйымлар және бизнес топарларынан ибарат мыңнан аслам ўәкил қатнасыўы, сондай-ақ, ири инвестициялық портфель қәлиплестирилиўи режелестирилмекте.
Сөйлесиў жуўмағында Қытайдың ири компаниялары менен тиккелей сөйлесиўди жолға қойыў мақсетинде арнаўлы платформа жаратыў ҳәм оның турақлы жумысын тәмийинлеў бойынша келисимге ерисилди.
Б.ХУДОЙБЕРДИЕВ, ӨзАның хабаршысы