Район халқының басламасы – жаңа бокс залы пайдаланыўға тапсырылды

Жаңа жыл байрамы алдынан республикамыда көплеген жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылмақта. Солар қатарында Хожели районы Спорт мектебине қараслы жаңадан қурып питкерилген бокс залының ашылыў мәресими болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, район ҳәкими Ж.Ермашев, район прокуры А.Халимов, Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы А.Смамутов, тараў жуўапкерлери, нураныйлар, спортшы жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Бул имараттың қурылыўына халқымыздың белсендилиги себеп болып, «Ашық бюджет» мәлимлеме порталында “Басламалы бюджет” процессинде 477 даўыс топлады ҳәм жеңимпаз деп табылды. Нәтийжеде “Бахыт Қурылыс” ЖШЖ тәрепинен 1 млрд. 450 млн. сум қаржы есабынан барлық қолайлықларға ийе болған жаңа спорт базасы қурылды. Шығып сөйлегенлер, бундай имканиятлар ушын ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирип, спортшы балаларымыздың келешекте үлкен нәтийжелерге ерисиўине исеним билдирди. Буннан соң, жаңа бокс базасында жас өспиримлер арасында “Дослық ушырасыўы” сыпатында биринши беллесиўлер баслап жиберилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги