Балалар кеўли шексиз қуўанышқа бөленди

15

Елимиздиң ҳәр бир орнында байрам нәпеси есип, жаңа жыл илажлары болып өтпекте. Хожели районында да жаңа жыл алдынан балаларға Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды.

Байрамға район ҳәкими Ж.Ермашев, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы А.Сулайманов, район прокуроры А.Халимов, Мәмлекетлик салық инспекциясы баслығы А.Смамутов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Шығып сөйлегенлер  ҳүрметли Президентимиздиң келешегимиз болған жас әўладқа, әсиресе социаллық қорғаўға мүтәж болған балаларымызға көрсетилип атырған ғамқорлығы айрықша атап өтилди  ҳәм де бәршени байрам менен қутлықлады.

Буннан соң, социаллық дизимде бар болған қәўендерликке берилген 38 балаға Президент саўғалары тапсырылды. Бундай итибар ҳәм саўғадан балалар  шексиз қуўанышқа бөленди.

                                                                  Қарақалпақстан хабар агентлиги