Жаңа жылда жаңа бақша пайдаланыўға тапсырылды

13

Төрткүл районы Атажурт аўыл пуқаралар жыйыны аймағында заманагөй 210 орынлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми толық қайта қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы жойбар шеңберинде имарат барлық талапларға сай жаңаланды. Улыўма 9 миллиард 9 миллион сумға қаржыландырылған балалар бақшасы қурылысында «Voris China» ЖШЖның қурылысшылары жанкүйерлик көрсетти.

– Жаңа балалар бақшасы барлық шараятларға ийе болып, қысқы мәўсимде ыссылық тармағы, балалар ушын қолайлы оқыў ханалары, жатақхана, асхана, ойын майданшалары ҳәм дем алыў орынларын өз ишине алған, – дейди жыйын турғыны Гулчехра Ахмедова. –  Жаңа бақшада балаларымыздың физикалық ҳәм интеллектуаллық раўажланыўы ушын барлық шараятлар бар.

Шөлкемди пайдаланыўға тапсырыў илажында район ҳәкимлиги, жәмийетшилик ўәкиллери, ата-аналар ҳәм тәрбияшылар қатнасты. Шығып сөйлегенлер аўыл халқын жаңа имарат пенен қутлықлады. Оның киши әўладтың саўатлылығын арттырыў жолындағы әҳмийетине тоқтап өтти.

Символикалық лента кесилип, жыйналғанлар еки қабатлы имаратта жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги