“Өзбекстан-2030” стратегиясы шеңберинде флора ҳәм фаунаны сақлаў: жаңа қатнас ҳәм әмелий нәтийжелер

27

Бүгинги күнде биологиялық көп түрлиликти сақлап қалыў қоршаған орталықты қорғаў сиясатында тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланбақта. “Өзбекстан-2030” стратегиясы шеңберинде тәбийғый экосистемаларды сақлаў, сийрек ушырасатуғын өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қорғаў және олардан турақлы пайдаланыўға қаратылған комплексли илажлар избе-из әмелге асырылмақта.

Тараўда қабыл етилип атырған ҳүжжетлер жабайы ҳалда өсиўши өсимликлерди жетистириўге қәнигелескен питомниклер ҳәм плантацияларды мәмлекетлик есапқа алыў механизмлерин жетилистириўди нәзерде тутады. Сондай-ақ, биологиялық ҳәр түрлиликке байланыслы және бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ислеп шығылып, ҳүкиметке киргизилген.

Флора ҳәм фауна объектлерин есапқа алыў ҳәм олардың жағдайын баҳалаў бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Мәмлекет бойынша 80 питомниктиң мағлыўматлары қайта көрип шығылды, 85 түрдеги ҳайўан ҳәм 70 түрдеги өсимлик бойынша мәмлекетлик реестр қәлиплестирилди.

Жасыл аймақларды санластырыў процесинде 605 мыңнан аслам терек электрон паспортқа ийе болып, бирден-бир мәлимлеме системасына киргизилди. Бул болса тәбийғый ресурслардан пайдаланыў үстинен мониторингти нәтийжели алып барыў имканиятын бермекте.

Әмелий илажлар шеңберинде сийрек ушырасатуғын түрлерди тәбийғый орталыққа қайта жайластырыў жумыслары да орынланды.

Атап айтқанда, Қызыл китапқа киргизилген хубара қусының 4 мыңнан аслам индивидуми ҳәм ҳәр қыйлы жынысқа тийисли 150 ҳайўан жабайы тәбият қойнына қайтарылды. Соның менен бирге, 25 мың гектар жер майданында дәрилик әҳмийетке ийе жабайы өсимликлерди жетистириў ушын мәдений плантациялар қурылды. Бул тәбиятқа болған инсан басымын азайтыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Өзбекстанның халықаралық экологиялық майдандағы белсене қатнасыўы Самарқанд қаласында өткерилген СIТЕС конвенциясы тәреплериниң 20-мәжилисинде де айқын көринди. Бул халықаралық әнжуман жоғалып кетиў қәўпи астындағы түрлерди қорғаў ҳәм олардың саўдасын тәртипке салыў бойынша глобаллық мәселелерди додалаў ушын әҳмийетли платформаға айланды.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Қызыл китабының гезектеги – алтыншы басылымын таярлаў жумыслары жедел алып барылмақта. Қәнигелер ҳәм илимпазлар тәрепинен өткерилип атырған изертлеўлер тийкарында айырым түрлерди дизимге киргизиў ямаса шығарыў бойынша илимий жуўмақлар таярланбақта.

Улыўма алғанда, әмелге асырылып атырған жумыслар биологиялық көптүрлиликти қорғаўда жаңа, системалы ҳәм узақ мүддетли қатнас қәлиплесип атырғанын көрсетеди. “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңбериндеги бул ҳәрекетлер мәмлекеттиң тәбийғый байлықларын сақлаў ҳәм экологиялық турақлылықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Муҳайё Тошқорайева,

ӨзА