Соңғы пушайман ― өзиңе душпан

20

Игри жол менен пул табыў жақсы ақыбетлерге алып келмейтуғынлығын көпшилик жақсы биледи. Әсиресе, ол урлық жолы менен табылған дүнья болса, бир күн келип оған жуўап бериўге туўра келеди. Бирақ, биз сөз етпекши болған жигитлер буны уғып жетпеген көринеди.  

Улуғбек (аты өзгертилип алынды) өзиниң алдын бир неше мәрте судланғанлығынан тийисли жуўмақ шығармастан, Азамат (аты өзгертилип алынды) пенен алдыннан жынайый тил бириктирип, өзгениң мал-мүлкин жасырын түрде талан-тараж етиў ҳәм усы жол арқалы аңсат материаллық байлық арттырыў мақсетинде, 2024-жылы 22-июнь күни азанғы саат 04:30 ларда Нөкис районы аймағындағы мал базарға келеди. Ол жерде бир бас қара малын сатыў ушын келген, Шымбай районы турғыны Жолдастың (аты өзгертилип алынды) қасына барып, алдыннан келисилген режеге көре Улуғбек оны гәпке айландырып турғанда шериги Азамат ҳеш кимге билдирместен ийнине асыўлы турған сумкасыныӊ төменги бөлимин өткир қурал менен кесип, 10 миллион сумды биймәлел өзлестирип алады.

«Дәмиккеннен қуныққаннан жаман» дегендей, Улуғбек шериги Азамат пенен мал базардың ишинен келеси олжаны түсириўге кириседи. Мал базар аймағында қара мал сатып алыў ушын келген Махмудтың қасына барып, алдыннан келисилген режеге муўапық оның сумкасынан епшиллик пенен 20 миллион сумға ийелик етеди.

Бирақ, бул истиң изи насырға шаўып, ўақыя жеринен жасырыныў ушын қашып баратырған ўақытта иркилип, Махмудтың ҳадал мийнети менен табылған пулы өз ийесине қайтарылды.

Буннан соң да Улуғбек өзиниң жынайый ҳәрекетлерин билқастан даўам еттирип, Ташкент қаласы Қойлық дийқан базарында пуқара Шахсәнемге тийисли 7300 АҚШ долларын және 2 миллион сум пулларын, Нөкис районы орайлық дийқан базары аймағында болса, уялы телефонларды да урлап үлгереди.

Және бир мысал. Пуқара Таңатар (аты өзгертилген) өзиниң алдын судланғанлығынан тийисли жуўмақ шығармастан қәўипли рецидивист бола турып, спиртли ишимлик ишип, мәс ҳалында өзгениң мал-мүлкин талан-тараж етиў мақсетинде Шарапат пенен алдыннан жынайый тил бириктиреди. Атап айтқанда, олар 2024-жылы 27-июль күни саат 10:00 лар шамасында Нөкис районы орайлық дийқан базары аймағында қарыйдар сыпатында базар аралап жүрген пуқара Сәрбиназдың қасына келип, оны өзиниң ҳәр түрли ҳәрекетлери менен алжастырады ҳәм итибарсыз турғанлығынан пайдаланған жынайый шериги Шарапат сумкасынан 2 пуқаралық паспорты, пенсия гүўалығы, пластик карта ҳәм 250 мың сум муғдарындағы пулларды алыўға ериседи.

Соңынан Таңатар өз шериги менен кейинги олжаны қолға киргизиўге кирисип кетеди. Олардың кейинги нышаны пуқара Дәўлетбийке болып, оның сумкасынан  бир пластик карта ҳәм 400 мың сум муғдарындағы пулларын урлайды.

Аңсат жол менен табылған дүньяға мәс болған жынаятшылар өзлериниң ҳийлелерин даўам еттирип, базар аралап кимниң уялы телефонын, кимниң пулын өзлестирип жүре берди. Бирақ… бирақ ҳәмме нәрсениң де шеги болады. Сол айтқанындай, ҳуқық қорғаў уйымы хызметкерлери тәрепинен олардың жеңил жол менен дүнья табыўына шек қойылды.

Бүгинги күни жынаятшылар өз қылмыслары ушын тийисли жазаға тартылды. Олар темир тордың артында ислеген қылмыслары ушын пушайман болған болса, әжеп емес.

Раиса Бекмуратова,

Жынаят ислери бойынша Кегейли районы судының баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги