Балалардың кеўиллери шадлыққа толды

Жаңа жыл байрамы алдында Шымбай районына да балаларға арналған Президент саўғалары жетип келди. Бул саўғалар балалар ушын тек ғана саўға емес, ал, оларға қаратылып атырған меҳир-итибардың айқын тымсалы болып есапланады.
Балаларға байрам саўғаларын тапсырыў мәресиминде район ҳәкими Айбек Тажетдинов шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын елимизге кирип келген жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм балаларға Президент саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.




Илаж даўамында жас әўладтың камалға келиўи ҳәм олардың айдын келешеги жолында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған жумысларға тоқталып, олардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти..
Әлбетте, жас әўладларымызға көрсетилип атырған бундай жоқары итибар ҳәм ғамхорлық балалардың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм келешекке болған исенимин және де беккемлейди деп ойлаймыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы