«Ўатансүйиўшилик айлығы» мектеп оқыўшылары арасында

«Ўатансүйиўшилик айлығы» шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен аталыққа алынған Нөкис қаласындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде бажыхана хызметкерлери ҳәм басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте «Ашық есиклер күни» илажы шөлкемлестирилди.
Илаждың тийкарғы мақсети – жасларды Ўатанға садықлық, халқымыз ҳәм миллий дәстүрлеримизгет, бай тарийхый-руўхый мийрасымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў ҳәм әскерий тараўға болған қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат.

Илаж даўамында бажыхана хызметкерлери тәрепинен бажыхана тексериўи процесинде пайдаланылатуғын заманагөй техникалық үскенелер мектеп оқыўшыларына көрсетилди. Оқыўшылар бул қуралларды жақыннан көрип, әмелде сынап көриў имканиятына да ийе болды. Бул оларда үлкен қызығыўшылық оятып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги