Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен хызметкерлерге байрам пулын бериў миннетли ме?

Ҳуқықый қатнас
Нызамшылығымызда мийнетке ҳақы төлеў системасында нәзерде тутылмаған хошаметлеўши сыйлық бир мәрте берилетуғын характерге ийе болған ҳәм жумыс бериўшиниң қарарына бола хызметкердиң алдыннан белгиленген көрсеткишлер ҳәм шәртлерге ерискени ушын емес, ал белгили бир ўақыялар, соның ишинде, байрам сәнелери мүнәсибети менен төленетуғын ақшалай сыйлық болып табылады.
Хош, жаңа жыл байрамы да сыйлық берилетуғын байрамлардан ба?
Бул ҳаққында Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети, Мийнет ҳуқықы кафедрасы оқытыўшысы Малика Эралиева төмендегилерди мәлим етти.
– Сыйлықлаў, мийнет ҳақының тийкарғы бөлегине байланыслы қосымша төлемлер ҳәм үстемелер, басқа хошаметлеўши төлемлер системалары жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқам комитети менен келисимге бола белгиленеди.
Егер, жәмәәт шәртнамасында ямаса басқа да ишки ҳүжжетте барлық хызметкерлерге байрам мүнәсибети менен сыйлық пулын бериў миннетлемеси белгиленген болса, жумыс бериўши оны бериўи шәрт. Болмаса, бул қарыздарлықты келтирип шығарады. Мәселен, билимлендириў мәкемеси жәмәәтлик шәртнамасында барлық хызметкерлер ушын жумыс ислемейтуғын байрам күнлеринде сыйлық пуллары берилиўи нәзерде тутылған болса, жумыс бериўши бул сыйлық пулларын хызметкерлерге бериўге миннетли.
Болмаса, бул жағдай бойынша хызметкерлер өз ҳуқықларын қорғаў мақсетинде тийисли шөлкемлерге шағым етиўи мүмкин. Егер ишки ҳүжжетлерде байрам пулларын бериў нәзерде тутылмаған болса, сыйлық бериўге миннетли емес, ол еркли есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, сыйлықлаўда кемситиўге жол қойылмайды.
Мийнет кодексиниң 4-статьясына бола, жынысы, жасы, расасы, миллети, тили, социаллық келип шығыўы, туўысқанларында судланғанлығының бар екенлиги, материаллық жағдайы ҳәм лаўазымлық статусы, жасаў орны, динге болған қатнасы, исеними, жәмийетлик бирлеспелерге тийислилиги, сондай-ақ, хызметкерлердиң искерлик сапалары ҳәм мийнет нәтийжелери менен байланыслы болмаған басқа да тәреплерине қарап мийнет ҳәм шуғылланыў тараўында қандай да бир тиккелей ямаса тиккелей емес шеклеўлер белгилеў мүмкин емес.
Тап сол сыяқлы қандай да бир тиккелей ямаса надурыс жеңилликлер бериў кемситиў болып есапланады.
Мәселен, Жаңа жыл мүнәсибети менен тек ғана ҳаял-қызларға ямаса тек ғана белгили бир миллетке тийисли хызметкерлерге сыйлық пулларын бериў басқа хызметкерлердиң ҳуқықлары кемситилиўине себеп болады.
Соны да айрықша атап өтиў керек, Мийнет кодексиниң 299-статьясына муўапық, хызметкерге интизамий жаза қолланылғанда ҳәм оның әмел етиў дәўиринде усы хызметкерге байрам пуллары төленбейди ҳәм бул кемситиў есапланбайды.
Байрам сыйлық пулларын байрамнан алдын да, кейин де бериў мүмкин – нызамшылықта анық мүддет белгиленбеген.
Бюджет шөлкемлеринде сыйлықлаў тәртиби тек ғана нызамшылықта белгиленген жағдайларда әмелге асырылады.
Жуўмақлап айтқанда, Жаңа жыл мүнәсибети менен хызметкерлерге сыйлық пулларын бериў хызметкер ислейтуғын кәрхананың жәмәәт шәртнамасында ямаса басқа да ишки ҳүжжетинде нәзерде тутылған болса бериледи, болмаса берилмейди.
Гулноза Бобоева, ӨзА