Миздакхан саркофаги – Орайлық Азияда сийрек ушырасатуғын археологиялық табылма

13

Бул сийрек ушырасатуғын гүләл саркофаг 1960-жыллары Хожели районы аймағынан Орайлық Азияның ең ири ҳәм әҳмийетли археологиялық естеликлерден бири болган Миздакхан некрополинен табылган. Оның өзине тән “туфли” тәризли формасы комплекстиң 600 ден аслам изертленген қәбирлери арасында уқсаслығы жоқ, тек бир мәрте ғана дизимге алынған. Археологлар бул табылманы эрамыздың I-III әсирлерине тийисли деп есаплайды.

Саркофаг ишинен 18-20 жас әтирапындағы жас ҳаялдың денеси ҳәм қымбат баҳалы буйымлары: шийше ыдыслар, мыс айна, үш алтын жүзик, сырға ҳәм илдиргиш, шийше гүзе, мыс қазан ҳәм қасық табылды. Зергерлик буйымлары эрамыздың басларында Евразия далаларындағы көшпели мәдениятларға тән болған сармат полихром усылында исленген.

Изертлеўлер предметлердиң үлкен бөлеги жергиликли болмаған савроматлар ҳәм сарматлардың мәдений шеңберине байланыслы екенлигин көрсетти. Қәбир түриниң өзи зардуштийлик жерлеў дәстүрине сәйкес келеди, бул болса топыраққа айрықша тарийхый-мәдений қун бағышлайды.

Археологлардың пикиринше, бул жерлеў мәресими итимал сырт ел дәстүрлеринен келип шыққан болып, ақ сүйек қатламға тийисли ҳаялға – яки жергиликли ҳүкимдардың зайыбына тийисли болыўы мүмкин.

Саркофаг 1985-жылы музей фондына қабыл етилген ҳәм бүгинги күнде топламдағы бийбаҳа экспонатлардың бири болып, әййемги Аралбойы аймағындағы ҳәр қыйлы мәдений байланыслар ҳәм руўхый көзқараслардан айқын дәрек береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги