Мәҳәлле – жәмийеттиң турақлы раўажланыўының тийкары

10

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлис ҳәм көп миллетли халқымызға быйылғы мүрәжаты мәмлекетимизде алып барылып атырған реформалардың инсан мәпине бағдарланғаны, жәмийет турақлылығы ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўде мәҳәлле институтының орны шексиз екенин және бир мәрте айқын көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, тарийх сынақларына бай болған халқымыз ҳәр қандай аўыр жағдайда да бәринен бурын аўызбиршилик ҳәм татыўлыққа сүйенген ҳалда табысқа ерискен. Мине, усы аўызбиршиликтиң негизи болса,  мәҳәлледен басланады.

Мүрәжатта атап өтилгениндей, қыйын күнлерде шаңарақ – шаңараққа, қоңсы – қоңсыға ийинлес болып, мәҳәлле халқы қыйыншылықларды биргеликте жеңип келген. Ҳәр қыйлы пикир ҳәм көзқараслардың бар екенлиги демократиялық жәмийеттиң тәбийғый талабы екени тән алынып, миллет, тил ҳәм динине қарамастан, 38 миллионлық халқымызды бирлестиретуғын жоқары идея – Ўатан ҳәм халық мәпи екени айрықша атап өтилди.

Әне усы уллы мақсетке ерисиўде мәҳәлле системасының орны ҳәм тәсири шексиз. Мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийет те тыныш ҳәм турақлы болады. Мәҳәлле раўажланса, пүткил мәмлекет раўажланады.

Соларды есапқа алған ҳалда, Президентимиз 2026-жылды мәмлекетимизде “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў раўажландырыў жылы” деп жәриялаў басламасын алға қойды. Бул баслама мәҳәллени жәмийет раўажланыўының тийкарғы таянышы сыпатында жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Мүрәжатта белгиленген ўазыйпалар шеңберинде келеси жылдан баслап мәҳәллени раўажландырыў бойынша жаңа – комплексли қатнас енгизилетуғыны атап өтилди. Оған муўапық, ҳәр бир ўәлаятта 2-3 район таңлап алынып, усы аймақлардағы барлық мәҳәллелерде бар машқалаларды бир ўақыттың өзинде шешиўге қаратылған система жолға қойылады. Бул процессте социаллық тараўлар менен бир қатарда исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылыўы әҳмийетли.

Белгиленген мақсетлерди әмелге асырыў ушын барлық дереклер есабынан жәми 8,5 триллион сум қаржы қаратылыўы режелестирилгени, депутатларға өз сайлаў округлериндеги әҳмийетли машқалаларды шешиў ушын 500 миллиард сум ажыратылатуғыны, сондай-ақ, “жасыл аймақ” ҳәм “жасыл бағлар”ды қурыў басламаларын қоллап-қуўатлаў ушын қосымша қаржылар белгиленгени бул реформалардың әмелий көриниси болып есапланады.

Атап өтилгениндей, бул комплексли қатнас арқалы 2030-жылға шекем шараяты аўыр болған барлық районлардағы мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан көринисин алып кириў, халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсет етилген.

Жуўмақлап айтқанда, Президентимиз Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалар мәҳәлле институтына сүйенген ҳалда жәмийетти және де турақлы ҳәм раўажланған басқышқа алып шығыў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғын беккем бағдарламалық тийкар болып хызмет етеди.

Нурлыбай Қайыпбергенов,

 Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги