Жаңа Өзбекстан раўажланыўының беккем тийкары

27

Мүнәсибет

Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатын үлкен қызығыўшылық пенен тыңладық. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң Мүрәжатында быйылғы жыл даўамында әмелге асырылған реформалар, ерисилген нәтийжелер ҳәм жетискенликлерди ҳәр тәреплеме таллады және келеси жыл ушын белгиленген тийкарғы ўазыйпалар менен мақсетлерди анық белгилеп, 2026-жылды “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” деп жәриялады. Мәмлекетимиз басшысы жақын келешекке мөлшерленген тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларға байланыслы тийкарғы бағдарларды белгилеп берди.

Мәмлекетимиз басшысы халқымызға ҳәм Парламентке жоллаған мүрәжатында бирде-бир тараўды итибардан шетте қалдырмады.

“Мәҳәлле бай болса, мәмлекет бай болады, мәҳәлле беккем болса, мәмлекет беккем болады”. Мәҳәллелердиң өзине 20 триллион қаржы ажыратылыўы ҳәм буннан тысқары улыўма мәҳәллелерде исбилерменликти раўажландырыў ушын 10 триллион, яғный, инфраструктура ушын ажыратылыўы, аймақларда санаатты раўажландырыў ушын жаңадан-жаңа жойбарлар жолға қойылыўы ҳәм келеси жылы және 50 миллиард доллар инвестиция, сырт ел инвестициясы режелери – булардың ҳәммеси әпиўайы айтылған санлар емес, анық механизмлер тийкарында айтылды ҳәм олардың ҳәммесин Мәмлекет басшысы бирме-бир жол картасында көрсетип берди.

Атап өтилгениндей, мәҳәлле – бул тек ғана халықтың жасаў орны емес, ал жәмийетшиликтиң аўызбиршилиги, социаллық турақлылық ҳәм раўажланыўдың тийкарғы тиреги де болып есапланады. Соның ушын да, Жаңа Өзбекстанда мәҳәллеге халық пенен мәмлекет арасындағы исеним көпири сыпатында итибар қаратылмақта. Мәҳәлледе “жетилик” системасының енгизилгени болса, реформалардың нәтийжелилигин арттырды, бул система арқалы 100 ден аслам хызметлер мәҳәлле дәрежесине түсирилди ҳәм Мүрәжатта атап өтилгениндей, 7,5 миллион пуқара кәмбағаллықтан шығарылды, жумыссызлық дәрежеси болса, еки есеге қысқарды.

Сондай-ақ, Мүрәжатта экономикамыз ҳаққында сөз етилгенде, көпшилигимиз ушын бурынлары 100 миллиард долларлық шек орынланбайтуғын әрман сыяқлы көринетуғын еди. Бирақ, мийнетимиздиң жемиси сыпатында быйыл тарийхымызда биринши мәрте жалпы ишки өнимимиз 145 миллиард доллардан асты. Бул тек ғана үлкен сан емес, бул – елимизде мыңлаған жаңа кәрханалар ашылғаны, адамларымыздың жумыслы болып атырғанынан дерек береди. Экспортымыз да 23 процентке өсип, 33,4 миллиард долларға жеткени дүнья базарында өзбек өнимине талап артып атырғанын көрсетеди.

Ҳәзирги ўақытта жаңа технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тәсиринде дүньяда жумыс орынларының саны, түри ҳәм мазмуны кескин өзгермекте. Жақын бес жылда бар кәсиплердиң 30 проценти толық автоматластырылады, ал 50 проценти бойынша жаңа маманлықлар талап етиледи. Президентимиздиң атап өткениндей, санаатта автоматластырылған линиялар, аграр тараўда ақыллы технологиялар ҳәм транспортта интеллектуаллық басқарыў күнделикли турмысқа кирип келди. Сонлықтан мәмлекетимиз мийнет базары кәсип, маманлық, технология ҳәм билимлендириўди бирлестиретуғын бирден-бир механизм сыпатында ислеўи керек. Бул процессте техникумларға заманагөй орталық жаратыўшы институт сыпатында қаралмақта. Атап өтилиўинше, 2026-жылдан баслап ҳәр жылы кеминде 100 техникум толық оңланып, талап жоқары кәсиплерге сәйкес үскенеленеди.

Улыўмаластырып айтқанда, Президентимиз белгилеп берген бул тийкарғы ўазыйпалар Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири, әдиллик ҳәм абаданлықты тәмийинлеў жолында әҳмийетли бағдарлама болып хызмет етеди.

Гүлжан Халмуратова,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзЛиДеП фракциясының ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги