Кегейлиши балалар да қуўанышқа бөленди

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Кегейли районында Жаңа жыл байрамы мүнәсибети 22 балаға Өзбекстан Республикасы Президенти атынан саўғалар тапсырылды.
Илажда район ҳәкими А.Камалов, район прокуроры И.Абдуллаевлар шығып сөйлеп, балаларды жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм оларға өзлериниң ең жақсы тилеклерин билдирди.
Өткерилген илажда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен өсип киятырған жас әўлад ўәкиллерине қаратылып атырған итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўды айрықша тилге алып, бундай ғамқорлықлары ушын Журтбасшымызға өзлериниң терең миннетдаршылықларын билдирди.
Сондай-ақ, усы күни район ҳәкими А.Камалов Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен райондағы шаңарақлық балалар үйине барып, ол жерде тәрбияланып атырған жас өспиримлерге де Президент саўғаларын тапсырды.





Өткерилген бул илаж мәмлекетимиз басшысының социаллық қорғаўға мүтәж балаларға болған турақлы итибары ҳәм ғамқорлығының әмелий көриниси болып есапланады. Балалардың жүзлериндеги қуўаныш ҳәм күлки Жаңа жыл байрамының ең үлкен саўғасы болды.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта Кегейли районында 3 шаңарақлық балалар үйлери шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги