Мойнақ, Бозатаў ҳәм Кегейли районларындағы жаслар турақ жай менен тәмийинленди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасин енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында, елимизде мүтәж жасларды қоллап-қуўатлаў, олар ушын мүнәсип шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Қарар тийкарында Жаңа жыл байрамы алдынан мойнақлы Сартай Даркенов, бозатаўлы Малика Аўезбаева ҳәм кегейлиши Бахтыгүл Матжановаларға район орайында жайласқан көп қабатлы турақ жайлардан барлық қолайлықларға ийе 2 ханалы жайдың гилтлери тапсырылды.


Илажда қатнасыўшылар, мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар, жаслар ҳәрдайым Президентимиздиң турақлы итибарында екенлигин, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға еркин турмыс ушын зәрүр шараятлар жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенлиги айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги