Мәденият хызметкерлери ҳәм дин ўәкиллери менен ушырасты

Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың мәденият хызметкерлери ҳәм дин ўәкиллери менен ушырасыўы өткерилди.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарарлар ҳәм пәрманлар арқалы берилген жеңилликлерди кең түрде атап өтти. Ушырасыўда сондай-ақ, өткен қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстан тарийхы бетлеринде өзине тән орын алған әҳмийетли жаңалықлар, бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли ийгиликли жумыслар, алдағы ўазыйпалар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Соны да айрықша айтыў керек, жақын қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстанда шын мәнисинде тарийхый ўақыялар жүз берди. Тек ғана Қарақалпақстан халқы, исбилерменлери, халықтың барлық категориялары ушын алдын болмаған жеңилликлер, көплеген имканиятлар жаратып берилди.
Өткерилген ушырасыўда барлық ийгиликли ислер, турмыслық реформалар, әҳмийетли басламалар анық мысаллар менен көрсетип берилди.
Буннан соң, қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ушырасыў даўамында бүгинги күнде елимиздиң раўажланыўы жолында мүнәсип үлес қосып атырған бир топар жәмийетлик белсендилер мүнәсип хошаметленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги