Төрткүлде нызамсыз электр жумсалыўы системаға 96 миллион сумлық зыян келтирди

19

Электр тармақлары хызметкерлери тәрепинен Төрткүл районында жасаўшы пуқара Е.Д. шаңарақлық устаханасында электр есаплағыштан тысқары тармаққа жалғанғаны анықланды.

Дәслепки есап-санақларға бола, 96 миллион сумлық электр энергиясы нызамсыз жумсалып, бул қағыйдабузыўшылық арқалы “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетине зыян жеткерилген.

Бул нызамбузыўшылық иси Жынаят ислери бойынша Хожели районы судында көрип шығылып, жеткерилген зыянды “Аймақлық электр тармақлары” АЖ “Энергосаўда” Қарақалпақстан филиалы пайдасына өндириў ҳаққында 2025-жыл 26-сентябрь күни ҳүким шығарылған.

Усы ҳүким тийкарында шығарылған орынлаў иси Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түскен ҳәм бөлим мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынланды. Атап айтқанда, қарыздардың атында “COBALT” маркалы автомашина бар екенлиги анықланып, ол бөлимниң мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен тийисли тәртипте хатлаўға алынды ҳәм жәрийма майданшасына жайластырылды. Соның нәтийжесинде, қарыздар тәрепинен жеткерилген 96 миллион сум жынайый зыянлар усы жылдың 1-декабрь күни өндирилип, суд қарарының орынланыўы тәмийинленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги