Сартайға жаңа үйдиң гилти тапсырылды

7

Мойнақ районында Жаңа жыл байрамы алдынан және бир қуўанышлы ўақыя жүз берди. Атап айтқанда, Сартай Даркеновқа барлық заманагөй шараятларға ийе жаңа 2 бөлмели үйдиң гилти салтанатлы түрде тапсырылды.

Салтанатлы мәресимге район ҳәкими Б.Менглибеков, районлық ишки ислер бөлиминиң баслығы Ж.Юсупов, “Инсан” социаллық хызметлер орайының жуўапкерлери ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Бул ийгиликли баслама елимизде инсан қәдири ең жоқары қәдирият екени, әсиресе, жаслар ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж инсанларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланғанының және бир айқын көриниси болып есапланады.

Жаңа жыл алдынан саўға етилген бул имарат тек ғана жаңа мәкан емес, ал жаңа үмитлер, жаңа арзыўлар ҳәм келешекке болған беккем исенимниң белгиси болып есапланады.

Байрам кейпияты, қызғын қутлықлаўлар ҳәм жақсы тилеклерге бай бул илаж кеўиллерге қуўаныш бағышлады. Елимизде мийрим-шәпәәт, ғамқорлық ҳәм адамгершилик қәдириятлары барған сайын беккемленип атырғаны мине, усындай саўаплы ислерде айқын көзге тасланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги