Келеси жылы кәрханаларымыз биринши мәрте халықаралық базарларда да акцияларын жайластырыўы мүмкин болады

4

Мәмлекетимиз басшысы капитал базарын экономикалық өсиўди хошаметлеўши әҳмийетли институционаллық тирек сыпатында белгилеп, глобал депозитарийлерди миллий фонд базарымызға алып кириў керек екенлигин атап өтти.

Буның ушын халықаралық финанс шөлкемлери менен ислеп шығылған “Капитал базары ҳаққында”ғы жаңа нызам жойбарын тез пурсатта қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Курс өзгериўи бойынша қәўип-қәтерлерди азайтыў ушын жергиликли компанияларға ишки базарда да сырт ел валютасында облигация шығарыўға руқсат бериледи.

Келеси жылы кәрханаларымыз биринши мәрте халықаралық базарларда да акцияларын жайластырыўы мүмкин болады.

Улыўма, капитал базарды раўажландырыў арқалы исбилерменлерге қосымша 1 миллиард доллар тартыў имканияты жаратылады.

ӨзА