Баланың ҳуқықларын исенимли қорғаўға қәбилетли билимли кадрлар таярланады

34

Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил (Балалар омбудсманы) ҳәм Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Бул ҳүжжет еки тәреплеме өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди раўажландырыў, баланың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тараўына байланыслы илимий ҳәм әмелий изертлеўлерди раўажландырыўға хызмет етеди.

Соның ишинде, меморандум шеңберинде бала ҳуқықларына байланыслы жаңа билимлер қәлиплестириледи ҳәм университет билимлендириў процесине енгизиледи.

Аналитикалық жумыс алып барылады ҳәм жаңа илимий изертлеўлер базасы жаратылады. Студентлерди Балалар омбудсманы әмелиятына оқыў мақсетинде тартыў арқалы реал кейслер тийкарында оларда әмелий тәжирийбе қәлиплестириледи. Юридикалық клиника негизинде әмелий тренинглер шөлкемлестириў арқалы бала ҳуқықлары бойынша маман кадрлар таярланады.

Университет негизинде “Балалар омбудсманы клубы” шөлкемлестириледи. Бала ҳуқықларына байланыслы аналитикалық, оқыў ҳәм методикалық әдебиятлар таярлаў, басып шығарыў сыяқлы әмелий мәселелерде өз-ара бирге ислесиўде ислесиўге келисип алынды.

Бундай бирге ислесиў бала ҳуқықларын исенимли қорғай алатуғын маман кадрлар таярлаўға, жәмийетимизде балалар мәплериниң қорғалыўын күшейтиўге хызмет етеди.

ӨзА