Келеси жылларда экономикалық раўажланыў стратегиясының тийкарғы бағдары болатуғыны белгиленди

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты даўам етпекте.
Екинши тийкарғы бағдар – экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў.
– Дүнья көлеминде бәсеки барған сайын күшейип атырған ҳәзирги шараятта тек ғана жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығаратуғын мәмлекетлер ғана дүнья базарында өз орнына ийе болмақта.
Соның ушын экономиканың барлық тараўларында жоқары нәтийжелиликке ерисиў келешекте реформаларымыздың баслы өлшеми болыўы шәрт,-деди Президентимиз.
Мәселен, санаатта жоқары технологиялы ҳәм аз энергия қолланатуғын тармақлардың раўажландырылыўы есабынан усы жылы 1 доллар өним ушын жумсалатуғын жанылғы-энергия муғдарын 13 процентке азайтыўға ерисилди.
Сонлықтан, 2030-жылға шекем жалпы ишки өнимниң көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў ушын ең дурыс жол – барлық тараўларды технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў екени атап өтилди.
Бул келеси жылларда экономикалық раўажланыў стратегиясының тийкарғы бағдары болатуғыны белгиленди.
ӨзА