Еки тәреплеме сөйлесиўлерден глобал күн тәртибине шекем: АҚШ – Өзбекстан байланысларыныӊ әҳмийети

7

Дональд Трамптың Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен телефон арқалы сөйлесиўи Америка – Өзбекстан қатнасықларының турақлы унамлы динамикасын тастыйықлайтуғын әҳмийетли сиясий сигнал болып есапланады. Жоқары дәрежедеги тиккелей байланыслар АҚШтың Өзбекстанға Орайлық Азиядағы жетекши шерик сыпатында итибары артып атырғаны ҳәм Ташкенттиң регионаллық ҳәм кең түрде халықаралық күн тәртибиндеги роли тән алынып атырғанын сәўлелендиреди.

Соңғы жыллары Өзбекстан ҳәм Қурама Штатлар арасындағы экономикалық бирге ислесиў ўақты-ўақты менен болатуғын байланыслардан системалы шерикликке айланды. Мәмлекетте Америка капиталы ҳәм технологияларының қатнасыўында онлаған жойбарлар, тийкарынан, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм санлы экономика тараўларында әмелге асырылмақта. Қурама Штатлар алдынғы технологиялар ҳәм басқарыў әмелиятларының жетекши дереклеринен бири болып, бул Өзбекстан экономикасын модернизациялаў ҳәм оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын айрықша әҳмийетке ийе.

Сиясий сөйлесиў де мазмунлы түске енди. Вашингтон Өзбекстандағы экономикалық реформалар, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм ашық-айдынлық сиясатын избе-из қоллап-қуўатлап келмекте. Ташкенттиң Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеў, регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўдағы конструктивлик ролине жоқары баҳа берилмекте.

Өзбекстан Президентиниң Маями қаласында болып өтетуғын “Үлкен жигирмалық” саммитине тарийхта биринши мәрте мийман сыпатында мирәт етилгени айрықша әҳмийетке ийе. Бул тек ғана дипломатиялық белги емес, ал мәмлекеттиң халықаралық статусы сапа жағынан өзгергени, Президент басшылығында әмелге асырылып атырған реформаларға исеним артып атырғанынан дерек береди.

“Жигирмалық” мәмлекетлери жәҳән жалпы ишки өниминиң дерлик 85 процентин, жәҳән саўдасының дерлик 75 процентин ҳәм планетамыз халқының дерлик үштен еки бөлегин қурайды. Әне усы форматта жәҳән экономикасы, финанслық турақлылық, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, тәмийнат шынжырлары ҳәм турақлы раўажланыў мәселелери бойынша өз-ара муўапықласқан көзқараслар қәлиплестирилмекте.

Өзбекстанның “Үлкен жигирмалық”тағы қатнасыўы инвестицияларды тартыў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, мәмлекеттиң глобал өндирис ҳәм логистика шынжырларына интеграцияланыўы ушын қосымша имканиятлар ашады. Кең мәнисте, бул жәҳән ҳәм регионаллық экономиканың келешегине тиккелей тәсир ететуғын қарарларды додалаўда Өзбекстанның даўысын күшейтеди.

Усы мәнисте, Дональд Трамптың Президент Шавкат Мирзиёев пенен телефон арқалы сөйлесиўи ҳәм G20 саммитине мирәт етиўин Өзбекстан – Америка стратегиялық бирге ислесиўин буннан былай да тереңлестириўге – экономикалық байланыслар ҳәм инвестицияларды кеңейтиўден баслап, тийкарғы регионаллық ҳәм глобаллық мәселелер бойынша позицияларды муўапықластырыўға таярлық белгиси сыпатында баҳалаў керек.

Элдор АРИПОВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы

Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры.

ӨзА