Тарийхый ҳақыйқатлық ҳәм әдилликти тиклеў жолындағы қәдемлер

Өткен әсирдиң аянышлы репрессия дәўири миллетимиздиӊ басына қара қайғыларды жаўдырған, мыңлаған инсанларды ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын шексиз қайғыға салған, азапқа қалдырған аўыр дәўир сыпатында тарийхта мөрленип қалды. 1937-1953-жыллары езиўши дүзим тәрепинен 100 мыңнан аслам ўатанласымыз репрессия сиясатының қурбаны болғаны ашынарлы. Олардың 13 мыңы атып тасланған, мыңлаған адамлар наҳақтан кулак сыпатында, сүргинге жиберилген.
Көплеген белгили мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткерлер, илим, ағартыўшылық ғайраткерлери, дөретиўшилер, зыялылар, дин уламалары, әскерий тараў ҳәм суд-ҳуқық системасы хызметкерлери, жумысшы-дийқанлар ҳәм олардың шаңарақ ағзалары репрессия дәўириниң қурбаны сыпатында азап шеккен, көпшилигиниң жас өмири зая болған.
Ғәрезсизлик жылларында өзликти аңлаў, тарийхый ҳақыйқатлық ҳәм әдилликти тиклеў, миллет руўхыйлығын жоқарылатыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылды, репрессия қурбанларының атын мәңгилестириў, миллеттиң раўажланыўы жолындағы жумысын үйрениў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Әсиресе, кейинги жыллары бул бағдарда Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар, пәрман ҳәм бийликлер қабыл етилип, олардың шеңберинде белгили жумыслардың әмелге асырылып атырғаны итибарға ылайық.

Соның ишинде, 2024-жыл 19-июльдеги “Сиясий репрессия қурбаны болған ўатанласларымыздың өмирин ҳәм жумысын үйрениў, үгит-нәсиятлаў және олардың естелигин мәңгилестириў бағдарындағы жумысларды кеңейтиў ҳаққында”ғы Президент қарары репрессия қурбаны болған шахслардың өмирин ҳәм жумысын үйрениў, изертлеў, олардың атларын ҳәм естелигин мәңгилестириўде әҳмийетли ҳүжжетлерден бири болды.
Қарарға бола, сиясий репрессия қурбаны болған ўатанласларымыздың өмирин ҳәм жумысын үйрениў және олардың естелигин мәңгилестириў жумысларын муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия шөлкемлестирилип, оған бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар жүкленди. Атап айтқанда, репрессия қурбанларының жумысын үйрениў, оларды атпа-ат анықлаў, тарийхый хызметлери ҳаққындағы мағлыўматларды, архив ҳәм музейлер, китапханалар ҳәм ҳәр қыйлы фондларда сақланып атырған ҳүжжетлерди топлаў ҳәм изертлеў, ғалаба ен жайдырыў илажларын көриў белгилеп берилди.
Өсип киятырған жас әўлад ўәкиллерине тарийхымыздың ҳәр бир дәўири ҳаққында анық ҳәм исенимли мағлыўматлар жеткериў әҳмийетли. Бул бағдарда репрессия дәўири ҳақыйқатлықларын үйрениўде усы қарарда белгиленгениндей, репрессия қурбанларының әўладлары ҳәм жақынлары, сол дәўир ўақыяларына гүўа болған инсанлардың естеликлерин жазып алыў, шаңарақлық архив ҳәм китапханаларда сақланып атырған тарийхый дереклерди, сийрек ушырасатуғын сүўретлерди топлаў жумыслары айрықша әҳмийетке ийе.
Әсиресе, сырт елдеги түрли фондлар, архив, музей, китапхана ҳәм басқа да илимий-ағартыўшылық мәкемелер және тийисли қәнигелер менен бирге ислесиў орнатқан ҳалда, темаға байланыслы илимий экспедициялар шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылғаны сүргин етилген, сырт еллерде жерленген ўатанласларымыз ҳаққында исенимли мағлыўматларға ийе болыўға тийкар жаратады.
Сондай-ақ, қарарда жас әўладты Ўатанымыздың азатлығы жолында жанын пидә еткен уллы ата-бабаларымыздың естелигине ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, олардың мәртлигин ҳәм ибратлы жумысын үгит-нәсиятлаўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық жумысларды жолға қойыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылған.
Ҳақыйқатында да, жасларды өтмишимиздиң даңқлы дәўирлери менен бирге, “Үлкен қырғын”дай қара күнлери де бар екенлиги ҳаққындағы хабардарлығын арттырыў оларды бүгинги тыныш-татыў күнлерди қәдирлеўге, миллет сүйиўши ата-бабаларымызға мүнәсип мийрасхор болыўға шақырады. Усы мақсетте билимлендириў орынларында турақлы түрде репрессия қурбанлары ҳәм жадидлик ҳәрекети ўәкиллерине бағышланған оқыў шынығыўларының шөлкемлестирилип барылыўы айрықша әҳмийетке ийе.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА