Саламат жәмийет ҳәм турақлы раўажланыў кепили

Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында Мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилип атырған пәрманлар ҳәм ҳүкиметлик қарарлардың әҳмийетин кеңнен түсиндириўге бағышланған илаж болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бөлими баслығы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим прокуроры Е.Адилов, Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң оператив ўәкили А.Қыдырниязов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, Республикалық қәнигелестирилген ана ҳәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы медицина хызметкерлери қатнасты.
Илажда шығып сөйлеўшилер, мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған пәрманлар ҳәм ҳүкиметлик қарарлардың әҳмийетине тоқтап өтип, раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойып атырған Өзбекстан ушын коррупция иллетиниң ҳәр қандай түрдеги көриниси әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесине кери тәсирин тийгизетуғынын атап өтти.



Атап өтилгениндей, коррупцияның алдын алыўда ҳәм оған қарсы гүресиўде бир яки еки мәмлекетлик уйымлардың ис-ҳәрекетлери менен унамлы нәтийжеге ерисип болмайды. Сонлықтан, бул бағдарда ҳуқық қорғаў уйымлары, мәмлекетлик шөлкемлер менен биргеликте барлық пуқараларымыз ҳәм жәмийетлик қадағалаў институтларының имканиятларынан да кеңнен пайдаланыў зәрүр.
Илаж соңында қатнасыўшылар баянатшылардан өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги