Орай тәрбияланыўшылары Президент саўғасын алды

13

Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Нөкис қаласындағы “Имкан” реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде жаңа жыл байрамы кешеси болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасып, орай жәмәәти ҳәм онда тәрбияланып атырған балаларды жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм оларға ҳүрметли Президентимиздиң саўғаларын салтанатлы түрде тапсырды.

Байрам илажында балалардың қуўанышы, олардың келешегине болған исенимин беккемлеў, меҳир-мүриўбет ҳәм итибар орталығын жаратыў әҳмийетли екенлиги, мәмлекетимиз Президентиниң турақлы итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде республикамызда балалардың мәплерин қорғаў, олардың тәлим-тәрбиясы ҳәм саламат раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратылып атырғаны атап өтилди.

Илаж даўамында шөлкемниң көркем өнерге қызығыўшы тәрбияланыўшылары тәрепинен байрамға арналған концерт бағдарламасы қойып берилди. Өткерилген бул илаж Жаңа жыл байрамын көтериңки руўхта күтип алыў балалардың кеўлинде жақсылық ҳәм исеним сезимлерин және де беккемлеўге хызмет етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги