Пайтахтымызда заманагөй Гимнастика орайы ашылды

Мәмлекетимизде барлық тараўлар қатарында спорт тараўына да айрықша итибар қаратылып, жасларды спортқа кеңнен тартыў, олар арасынан елимиз даңқын дүньяға танытатуғын спортшыларды жетилистирип шығарыў жаңа басқышқа көтерилмекте.
Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң айрықша меҳири ҳәм итибары менен Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтетуғын болсақ, 14 млрд. сум қаржы тийкарында Нөкис Олимпия ҳәм Паралимпия орайында қурылыс жумыслары алып барылмақта. 107 млрд. сум қаржы есабынан «Туран» футбол стадионында да реконструкция жумыслары жүргизилмекте. Буннан тысқары, пайтахтымызда Гүрес шеберлиги мектеби пайдаланыўға тапсырылды.
Мине усындай ийгиликли жумыслар қатарында Гимнастика орайының ашылыўын айтып өтсек болады.
Орайдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, нураный-ақсақаллар, белсенди ҳаяллар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда атап өтилгениндей, дерлик 80 млрд. сум қаржы есабынан заманагөй көринисте қурып питкерилген бул объектте спортшы жаслар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылып, орай зәрүрли әнжамлар менен толық тәмийинленди.

Әлбетте, усындай заманагөй спорт орайынан келешекте елимизди дүньяға танытатуғын Азия, жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионлары жетилисип шығады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги