Жаңа мийманхана пайдаланыўға тапсырылды

39

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, аймақта жумыс алып барыўшы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратып бериў бойынша шығарған арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында, республикамызда көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Журтбасшымыз тәрепинен өзлерине жаратылған усындай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланып киятырған республикамыз исбилерменлери тәрепинен бир қатар өндирис, социаллық ҳәм хызмет көрсетиў объектлери иске түсирилип, халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта.

Усындай жаңа объектлердиң бири «Рамада» мийманханасы пайтахтымызда қурылып, жаңа жыл алдында пайдаланыўға тапсырылды.

Мийманхананың ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, илаж қатнасыўшыларын заманагөй хызмет көрсетиў объектиниң пайдаланыўға тапсырылыўы  менен қызғын қутлықлады.

Атап өтиў орынлы,«Karakalpak Palace» жәмийети тәрепинен халықаралық «Ramada by Wyndham» бренди менен 10 млн. доллар қаржы есабынан қурылған мийманхана иске түсиўи менен онда бир ўақыттың өзинде 200 мийманды қабыллаў имканияты жаратылды.

Бул жаңа туризм объектинде халқымыз ушын, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт елли мийманлар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Салтанатлы ашылыў мәресиминен соң  нураный-ақсақаллар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери мийманханада жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги