«Балалар үйи» тәрбияланыўшыларына Президент саўғалары тапсырылды

Ҳәр жылы мәмлекетимиз бойлап Жаңа жыл байрамы қарсаңында ертеңги келешегимиз ийелери болған балаларға байрам кейпияты инәм етилип, «Президент саўғалары»н тапсырыў дәстүрге айланған.
Қарақлпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласындағы «Киши көлемли балалар үйи»нде тәрбияланып атырған балаларға Президент саўғаларын тапсырыў ҳәм жаңа жыл байрамы менен қутлықлаў ушын барды.
Республикамыз басшысы байрамға сай шырайлы етип безелген Шырша әтирапында балаларды жаңа жыл менен қутлықлап, оларға Президент саўғаларын тапсырды. Соның менен бирге, балалар үйинде жаратылған шараятларды көзден өткерип, онда тәрбияланып атырған балалардың бүгинги жағдайлары менен танысты.

Атап өтиў орынлы, бул «Киши көлемли балалар үйи» Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды шаңарақлық орталықта тәрбиялаў ҳәм олардың бахытлы турмысын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген болып, балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги