“Ҳуқық билимданлары” билимлер беллесиўи жеңимпазлары анықланды

8

Ташкент қаласындағы Студент ҳәм оқыўшылардың жәмийетлик белсендилигин арттырыў орайында “Ҳуқық билимданлары” республикалық билимлер жарысының жуўмақлаўшы финал басқышы болып өтти.

Белгиленген Режеге муўапық, қатнасыўшылар таңлаўдың финал басқышы шәртлеринде тест сораўлары ҳәм шығарма жазыў бойынша өз-ара беллести. 1-шәрт жуўмақланғаннан соң қатнасыўшылардың тест нәтийжелери төрешилер қурамы тәрепинен тексерилип, нәтийжелер жәрияланды ҳәм апелляция процеси өткерилди.

Жуўмақлаўшы нәтийжелерге бола, биринши орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Гүлжамал Жолдасбаева ийелеўге миясар болды.

Екинши ҳәм үшинши орынлар Үргениш мәмлекетлик университетиниң студенти Бибижан Саиббаева ҳәм Ҳуқықты қорғаў академиясының студенти Райхана Абрикуловаға несип етти.

Өткерилген илаж жуўмағында жеңимпазлар Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен 6, 5 ҳәм 4 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.