Балаларға Президент саўғалары тапсырылды

Бүгин, 25-декабрь күни Нөкис қалалық Жаслар орайы имаратында Президент саўғаларын тапсырыўға арналған илаж өткерилди.
Илажға әменгерлик ҳәм қәўендерликке алынған ҳәмде ата-анасы ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар, шаңарақлық меҳрибанлық үйи тәрбияланыўшылары мирәт етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев балаларды ҳәм олардың қәўендерлерин жаңа жыл байрамы менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиң саўғаларын тапсырды.

Байрам шырайлы етип безелген шырша әтирапында Аяз ата менен Қарқыз, түрли ертек қаҳарманлары қатнасыўындағы театрластырылған тамашалар менен даўам етти.
Президент саўғаларын тапсырыў илажлары барлық қала ҳәм районларымызда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги