Нөкис районы: тийкарғы драйверлер ҳәм жаңа имканиятлар

Нөкис районы республикамызда аўыл хожалығы өнимлерин жетистиретуғын жетекши районлардың бири есапланады. Районда соңғы жыллары үлкен жаңаланыўлар, табыслар көзге тасланбақта. Биз район ҳәкими Зиўатдин Зайтов пенен сәўбетлесип, районды раўажландырыў бағдарындағы исленип атырған жумыслар бойынша сораўларымызға тийисли жуўаплар алған едик.
– Зийўатдин Имаматдинович, Сизди жақында Аўыл хожалығы хызметкерлери күни мүнәсибети менен Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен «Дўстлик» ордени менен сыйлықланғанлығыңыз бенен қутлықлаймыз.
-Рахмет. Президентимиз тәрепинен азы-кем мийнетлеримиздиң мүнәсип баҳаланыўы жаңаланыўларға, елимиздиң гүллеп-раўажланыўына үлес қосыўымызға руўхландырмақта. Бул сыйлық тек маған емес, районымыздағы аўыл хожалығы тараўында ислеп атырған бәрше хызметкерлерге, фермер ҳәм дийқанларға берилген баҳа деп есаплаймыз.
– Нөкис районы әзелден аўыл хожалығы ҳәм шарўашылық жақсы раўажланған аймақ. Ҳәзирги күнде бул еки тараўдың «аяқ алысы» қалай? Сиз ҳәким болып жумыс алып баслағаныңыздан берли және қайсы тараўларда илгерилеўлер, жаңа табысларға ерисилмекте?
– Ҳақыйқатында да, район республикамызда айрықша орны бар ҳәм әҳмийетке ийе районлардың бири есапланады. Себеби, Нөкис районы- республикамыз пайтахты халқын аўыл хожалығы өнимлери есапланған палыз өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген. Усы өтип баратыған 2025-жыл тек ғана аўыл хожалығы тараўында емес, ал барлық тараўларда раўажланыўларға бай жыл болды десек алжаспаған боламан.
Ҳүрметли Президентимиздиң Қарар ҳәм Пәрманлары тийкарында республикамыздың барлық орынлары қатарында бизиң районымызда да кең көлемли қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумыслары алып барылып, район турғынларының абадан турмыс кешириўи ушын қолайлы шараятлар жаратылмақта.
Районда усы 2025-жылдың 10 айы даўамында социаллық-экономикалық көрсеткишлерди тараўлар кесиминде соңғы 5 жыл менен салыстырғанда:
– бюджет түсими 2020-жылы 27,5 млрд. сумды қураған болса, бул көрсеткиш 2025-жыл басынан бугинги күнге шекем 37,7 млрд. сумға жеткерилди (+10,2 млрд. сум);
– санаат өнимлерин ислеп шығарыў 2020-жылы 276,0 млрд. сумды қураған болса, бул көрсеткиш усы жылыӊ 10 айы даўамында 373,6 млрд. сумға жеткерилди (+97,6 млрд. сум, өсим пәти 135,3%);
– инвестиция тараўында 2020-жылы 130,7 млрд. сумлық жойбарлар әмелге асырылған болса, усы жылдыӊ 9 айы даўамында 814,4 млрд. сумға жеткерилди (+683,7 млрд. сум, өсим пәти 523,1%);
– экспорт көрсеткиши 2020-жылы 3,5 млн. АҚШ долларды қураған болса, быйылға келип бул көрсеткиш 15 млн. АҚШ долларға жеткерилди (+7,8 млн. АҚШ доллар);
– хызмет көрсетиў тараўы 2020-жылы 136,2 млрд. сумды қураған болса, усы жылдың 10 айы даўамында бул көрсеткиш 372,4 млрд. сумға жеткерилди (+236,2 млрд. сум, өсим пәти 273,4%);
– қурылыс тараўында 2020-жылы 164,9 млрд. сумлық жумыслар әмелге асырылған болса, усы жылдыӊ 10 айы даўамында 283,8 млрд. сумға жеткерилди (+118,9 млрд. сум, өсим пәти 172,6%);
– аўыл хожалығы тараўында 2020-жылы 377,3 млрд. сумлық өним жетистирилген болса, бул көрсеткиш усы жылдыӊ 10 айы даўамында
422,2 млрд. сумға жеткерилди (+44,9 млрд. сум, өсим пәти 111,9%).
Сондай-ақ, районда 13 мәҳәллениң имканиятынан келип шығып 4 еўи мийўе-овощ жетистириў, 2 еўи жүзимгершилик, 2 еўи ыссыхана, 1еўи мәш-гүнжи ҳәм 4 еўи хызмет көрсетиўге қәнигелестирилди.
Ҳәзирги ўақытта барлық түрдеги хожалықларда қара маллар 42 мың 500 бас, кой ешкилер 32 мың 200 бас, жылқылар 1 мың 433 бас, түйелер
130 бас ҳәмде таўықлар 320 мың басқа жеткерилди.
Халқымызды шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеў мақсетинде 10 ай даўамында 3,025 тонна гөш, 12,029 тонна сүт, 10 млн. дана мәйек, 40 тонна бал, 191 тонна балық өнимлери жетистирилди.
– Районда киши ҳәм орта бизнес, шаңарақлық исбилерменлик, сондай-ақ жасларды қоллап-қуўатлаў менен бирге олар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша қандай жумыслар алып барылмақта?
– Районымызда 2025-жылдың басынан 113 киши ҳәм орта бизнес субъектлери шөлкемлестирилип, 215 шаңарақлық исбилерменлик жаңадан жолға қойылды. Бул шөлкемлестирилген исбилерменлик субъектлерине коммерциялық банклер тәрепинен 9,7 млрд. сумлық жеңиллетилген кредит қаржылары ажыратылып берилди.
Және де район аймағындағы жумыссыз болған пуқараларды ҳәмде жумыссыз жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде январь-октябрь айларында 7 619 жаңа жумыс орынлары жаратылып, бәнтлиги тәмийинлениўине ерисилди.
– Президентимиздиң тапсырмасы менен районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлигине бекитилген еди. Район халқының жасаў шараятының жақсыланыўы ушын ўәлаят тәрепинен қандай илажлар әмелге асырылды?
– Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен районымызға Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги бириктирилиўи менен бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда «Ақмаңғыт» дийқан базары ҳәм Мәлимлеме китапхана орайы имараты ўәлаят тәрепинен заманагөй етип қурып берилди. Район орайындағы «Едиге», «Ҳәсиретли ана» бағына реконструция жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, 2 АПЖ (Арбашы АПЖ, Бақаншақлы АПЖ) имараты қурып питкерилди, 2 МПЖ (Төктаў МПЖ, Ақманғыт ППЖ) имараты жаңадан қурылды. 1 мәҳәлле (Кердер АПЖ) имараты қайта реконструкция исленди. Сондай-ақ, район аймағында төмен шараятта жасаўшы 922 пуқараның турақ-жайлары шиферлап берилди, 46 турақ жайды қайта қурыў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылды.
– Районда соңғы ўақытларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы жойбарлардың барысы ҳаққында айтып өтсеңиз.
– Районда усы жыл инвестициялық 13 жойбарды әмелге асырыўды режелестирип алғанбыз. Солардан, Тақыркөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан баҳасы 23,5 миллион долларлық «OSTEN TECHNOLOGIES» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен “Радиатор” ислеп шығарыў жойбары иске қосылды. Жойбарды иске қосыў нәтийжесинде 300 жаңа жумыс орынлары жаратылды. Соның менен бирге “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында улыўма баҳасы 600 мың АҚШ доллар болған кәрханаға сырт елден 480 мың АҚШ доллары болған жоңышқаны қайта ислеў арқалы шарўа маллары ушын от-жем (гранула) таярлайтуғын заманагөй әсбап-үскенелер алып келинип, “BEKMURAD NUKUS TR” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жаңадан от-жем (гранула) ислеп шығарыў кәрханасы иске түсирилди. Усы жойбар иске түсирилиўи арқалы шарўа маллары ушын саатына 2 тоннаға шекем сапалы ҳәм тойымлы азықлық өнимин ислеп шығарыў имканияты жаратылып, тек ғана жергиликли шарўашылық тармағын от-жем менен тәмийинлеў ғана емес, ал экспорт потенциалын арттырыўда да әҳмийетли қәдем болады.
«Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Нукус бройлер» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма 40 млрд.сум қаржы есабынан 100 мың бас таўық бағылып, жылына 1920 тонна таўық гөши жетистириў жолға қойылды.
Соның менен бирге “INTER AGRO BROILERS NUKUS” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 35,0 млрд. сумлық қусшылық комплексин шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў белгиленген. Бул жойбарды əмелге асырыў нəтийжесинде 40 жаңа жумыс орынлары жаратылып, жылына 17,1 млн. дана мəйек жетистириў бағдарында нəсилли таўықлар бағылмақта. Бул қусшылық комплексин Жаңа жыл байрамы алдынан ашыўды режелестирип отырмыз.
Словениялы инвесторлар “SINTEZ FARM TECHNOLOGY” жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен биргеликте баҳасы 200 миллион долларлық рекомбинантлы инсан инсулинин ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў басланды. Бул жойбар шеңберинде усы жылы 50 млн. долларлық инвестициялар өзлестирилиўи күтилмекте.
– Сырт елге сапарларыныңыздан гөзленген мақсет ҳәм олардан күтилген нәтийжелер қандай?
– Усы жылы республикамыз басшысының тапсырмасы менен Қытай, Россия, Беларус мәмлекетлеринде хызмет сапарында болып қайттым.
Қытай сапары даўамында, Нөкис районы ҳәм Синцзян-Уйғыр автоном районы (СУАР) Ақсу округи менен дослық, аўқамласлық меморандумы дүзилген еди. Усы келисим тийкарында 2 аймақ аўыл хожалығы, медицина, мәденият, туризм бағдарындағы жумыслар басланып атыр.
Мәш ҳәм гүнжиге Қытайда талап жүдә жоқары екен, сол тәрепин итибарға алып, қытайлы инвесторымыз бенен биргеликте мәш, гүнжи егиў техникасы ҳәм өнимди жыйнап алыў ушын заманагөй үскенелер алып келинди.
Инвестор тәрепинен гүнжи ҳәм пистениң өнимдарлығы жоқары сортын алып егип, қайта ислеўди жолға қоймақтамыз.
Беларусь Республикасындағы хызмет сапарымыз даўамында Гродно районы менен Нөкис районы бирге ислесиў ҳәм дослық меморандумы тийкарында аўыл хожалығы, мәденият, туризм бағдарында жумыслар жолға қойылған. Усы келисимлер тийкарында районлық медицина бирлеспеси баслығы Қытай ҳәм Беларусь мәмлекетинде, Мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў баслығы Қытай мәмлекетинде болып медицина ҳәм билимлендириў тараўына жаңа технологияларды енгизиў, санластырыў ҳәм басқа да жетискенликлери менен танысыў ушын хызмет сапарларында болды. Сондай-ақ, районымыздың аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў мақсетинде фермерлер хожалығы баслықлары Қытай мәмлекетинде тәжирийбелер алмасып қайтты.
Беларусь мәмлекетинде өткерилген “Белагро-2025” аўыл хожалығы техникалары көргизбесинде аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараў ўәкиллери менен қатнасып келдик. Хызмет сапарында МТЗ заводы тәрепинен бизге жеткерип берип атырған тракторларды өзимизде жыйнаўды, сервис ҳәм аўысық бөлеклер базасын шөлкемлестириўди келисип алған едик. Қысқа мүддет ишинде оларға жер ажыратып имаратларды қурыў жумыслары басланды.
– Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған сапары даўамында берилген тапсырмаларға тийкарланып Дослық каналының Нөкис районы аймағынан өтиўши бөлегинде жаңа жойбар – «Ақманғыт Турист» халықтың сейил етиў орны қурылыў белгиленген еди. Бул ири жойбардың қурылыс ислери қашан басланады ҳәм халықтың дем алыўы ушын қандай шараятлар жаратылыўы күтилмекте.
– Соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен барлық тараўларда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Бунда мәмлекетимиз туризм потенциалынан және де нәтийжели пайдаланыў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша әхмийетли басламалар көтерилип, жаңа имканиятлар иске асырылмақта.
Президентимиздиң Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмаларына муўапық, Дослық каналының Нөкис районы аймағынан өтиўши бөлегинде жаңа жойбар қурылысы басланыў алдында тур.
Бул жойбар шеңберинде канал бойында «Ақмаңғыт Турист» халықтың дем алыў орны шөлкемлестирилиўи режелестирилген болып халыққа хызмет көрсетиўши хәм кеўил көтериў мәсканы, канат жолы, аквапарклар, балалар майданшалары, дем алыў ҳәм саўда орынлары жайластырылыўы белгиленген болып, жойбар 2026-жыл даўамында иске түсирилиўи жобаластырылмақта.
-Жол, ишимлик суўы, электр энергиясы тәмийнаты бойынша ушырасып атырған машқалалар қалай шешилмекте? Газлестирилмеген аймақ турғынларына қандай жәрдемлер берилмекте?
– Пуқаралардың күнделикли турмыс шараяты менен байланыслы болған жол, суў, электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ мәселелери де белгиленген режелер тийкарында қанаатландырылып келинбекте. Атап айтқанда, мәмлекетлик бағдарламалар (ОPEN бюджет) тийкарында 5 мәҳәлледе улыўма баҳасы 9,3 млрд сум болған узынлығы 11,8 км автомобиль жоллары қайта исленип, асфальт қапламасы төселди. Сондай-ақ, 9 мәҳәлледеги ишки көше жолларын жақсылаў мақсетинде улыўма баҳасы 6,0 млрд сум болған улыўма узынлығы 25,4 км жерге қум- шағыл тас араласпасы төселди.
Президентимиздиң 2019-жыл 9-апрель күнги 4271-санлы қарары менен Азия раўажландырыў банки қаржылары (11,4 млн. долл) тийкарында Нөкис районы турғынларының ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў ушын бир қанша жумыслар әмелге асырылды. Айтып өтетуғын болсақ, узынлығы 195,0 км ишимлик суў тармақлары жаңадан тартылды, 3 дана суў қурылмасын реконструкция ислеў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде, 4,5 мың хожалық орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленип, район турғынларының орайласқан ишимлик суўы менен тәмийнлениў дәрежеси 68 преоценттен 90,0 процентке жеткерилди.
Электр энергиясы тармағын жақсылаў ҳәм гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў бойынша районымызда Өзбекстан Республикасы Президентинин 2024-жыл 23-сентябрь күнги “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши дәрежели илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде мәҳәллелерге электр энергиясын үзликсиз жеткерип бериўди жақсылаў бойынша район аймағындағы 5 мәҳәлледе 7 млрд 841 миллион сум каржы есабынан жәми 4 дана трансформатор пункти орнатылды. 1434 дана темир бетон бағаналары орнатылып, 47,7 км киши ҳәм үлкен кернеўдеги электр ҳаўа тармақларында қурылыс жумыслары жуўмақланды.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-сентябрь күнги Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорының қатнасыўында “Аўыллық жерлерди турақлы раўажлантырыў” жойбарларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары талаплары тийкарында электр энергиясын жақсылаў бойынша бүгинги күнде Дийқан арна МПЖ аймағындағы Қызыл әскер ҳәм Шоркөл аўылында 2 дана трансформатор пункти ҳәм 5 км электр узатыў ҳаўа тармағын ислеў жумыслары тендер женимпазы болып, ҳәзирги ўақытта “NUKUS ELEKTRON NERWORK” ЖШЖ тәрепинен курылыс жумыслары даўам етпекте.
Районымызда быйылғы жылы режедеги 4,1 километрлик газ тармақлары реконструкцияланды. Сондай-ақ, 60 километрлик жер үсти газ тармақлары ҳаўа басымы жәрдеминде сынаўдан өткерилип, 15,3 километрлик жер асты газ тармақларының техникалық жағдайлары көзден өткерилди.
Райондағы Дарсан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан жер асты орта басымлы д-219 мм.лик газ тармағында 1,7 километрлик газ тармағы жер астынан жер үсине шығарылып, толық реконструкцияланды. Нәтийжеде усы МПЖ аймағындағы Жийдели аўылы, Ақтерек, Бақаншақлы АПЖ аймақларындағы жәми 6582 жеке хожалықлардың газ тәмийнаты жақсыланыўына ерисилди.
– Район усы жылды қандай табыслар менен жуўмақламақта? Қайсы тараўларда илгерилеўлер, табыслар бар?
– Бул жыл табысларға бай жыл болды десем алжаспаған боламан. Халыққа дем алыў хызметин раўажландырыў ҳәм туризмди раўажландырыў ҳәм саўда-кеўил ашар орайын шөлкемлестириў мақсетинде “Ақманғыт” АПЖ аймағынан өтиўши “Ақманғыт” каналының 1,7 км бөлегин ҳәм әтирапын халық ушын қолайлы 24/7 режиминде ислейтуғын күни-түни арнаўлы хызмет көрсетиў жойбары ҳәм “Халық сейил етиў орны”ның қурылыўы белгилениўи район халқы ушын үлкен жаңалық болды. Бул жойбардың қурылыўының белгилениўи быйылғы жылда районымыз ушын үлкен табыс болды.
Онда, усы аймақтың абаданластырыў ҳәм инфраструктура жумысларына жәми 6,6 млрд. сум қаржы ажыратылды. Нәтийжеде 40 хызмет көрсетиў, саўда дүканлары шөлкемлестириледи, жылына 500 миллион сумнан аслам бюджетке салық түсими ҳәм 100 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.
Жасларымызды заманагөй кәсипке үйретиў мақсетинде Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң жәрдеминде районымыздағы политехникумда “BYD” кәрханасы менен оқытыў, сервис және жасларымызға немис тили топары шөлкемлестирилмекте. Себеби, елимизде көбейип атырған “BYD” маркасындағы автомашиналарға техникалық хызмет көрсетиўши қәнигелерди таярлаў, политехникум оқыўшыларын заманагөй кәсипке үйретиўди жолға қойып атырмыз.
Саманбай мәҳәллесинде қосымша имканият излеў, жумыс орынларын жаратыўда, мәҳәлле аймағынан өтиўши тасланды канал үйренип шығылып 2,5 км қамыслықлар тазаланып, суў менен тәмийинленди ҳәм жумыссыз пуқараларға мәҳәлледе бириктирилген банк арқалы жеңиллетилген кредитлер алып берилип, үйрек бағыўды басладық.
Бундай жумысларды халыққа жақын аймақлардан 7,5 км коллекторда үйрек бағыўды даўам еттирип, бағыўшылар санын 70 ке жеткереўди ҳәм үйрек бас саны 12 мың етип кооперация шөлкемлестириўди режелестирмектемиз.
Нөкис районын аўыл хожалығы санааты раўажланған районға айландырыў, қайта ислеў, логистиканы жолға қойыў бойынша да жумысларды әмелге асырмақтамыз.
-Рахмет мазмунлы сәўбетиңиз ушын. Алдағы жумысларыңызда табыслар тилеймиз.
Сәўбетлескен Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы