Гүрес шеберлиги мектеби пайдаланыўға тапсырылды

2

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары нәтийжесинде халқымыз ийгилиги жолында елимизде кең көлемли илажлар алып барылып, республикамыз турмысында көплеген жаңалықлар жүз берип атыр.

Мине усындай қуўанышлы ўақыялардан бири сыпатында Жаңа жыл байрамы қарсаңында бүгин Нөкис қаласында Гүрес шеберлиги мектебиниң ашылыў салтанаты өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң тапсырмасы менен қурылған жаңа объект пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Мине усындай әмелий жумыслар қатарында 16 млрд. сум қаржы тийкарында гүрес шеберлиги мектеби жаңадан қурылып питкерилди ҳәм зәрүр инвентарьлар менен толық тәмийинленди. Усы тийкарда 150 ден аслам жаслар ушын спорттың миллий гүрес, еркин гүрес ҳәм грек-рим гүреслери менен турақлы шуғылланыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылды.

Әлбетте, жаңадан пайдаланыўға тапсырылған бул объект узақ жыллар даўамында халқымызға хызмет етеди ҳәм бул орыннан елимиз байрағын дүньяға танытатуғын көплеген жасларымыз жетилисип шығады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги