Коррупцияға қарсы гүресиўде ҳуқықый сана ҳәм жуўапкершилик әҳмийетли

6

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында “Коррупциясыз келешек!” сүрени астында коррупцияға қарсы гүресиў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды филиал директорының жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши орынбасары Х.Абдижалиев ашып, коррупцияға қарсы қатаң мүнәсибетти қәлиплестириў, жаслар арасында ҳуқықый сана-сезим ҳәм жуўапкершиликти арттырыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири екенин атап өтти.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң коррупцияға қарсы ишки қадағалаў бойынша бас мәсләҳәтшиси Ж.Бекимбетов ҳәм Инсан ресурслары секторының бас мәсләҳәтшиси А.Хожанов шығып сөйлеп, коррупцияның жәмийеттиң раўажланыўына унамсыз тәсири, оның алдын алыўда ҳуқықый механизмлер ҳәм мәмлекет ҳәм жәмийет алдындағы жуўапкершилик мәселелерине толық тоқтап өтти.

Студент-жаслар қәнигелер тәрепинен билдирилген пикир-усынысларға мүнәсибетин билдирип, өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги