Халқымыздың ишимлик суўы менен тәмийинлениўи жақсыланбақта

Республикамызда халықтың ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў арқалы халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Буның нәтийжесинде бүгинги күнде республикамыз халқының орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси 74,2 процентти, ақаба суў хызмети менен қамтып алынғанлық дәрежеси 5,4 процентти қурамақта.
«Қарақалпақ суў тәмийнаты» акционерлик жәмийетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз конференциясы өткерилип, онда жәмийет директоры Қ.Халмуратов республикамызда ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде 2025-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы режелер бойынша мағлыўмат берди.
– Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системаларын раўажландырыў бойынша халықаралық финанс институтларының қатнасыўында улыўма баҳасы 223,0 млн. долларлық 2 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта, – дейди Қ.Халмуратов.
Атап айтқанда, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында баҳасы 145,0 млн. долларлық “Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў” жойбары әмелге асырылып, ҳәзирги ўақытта Қараөзек, Беруний, Әмиўдәрья ҳәм Мойнақ районларында суў бөлистириў қурылмалары ҳәм суў тармақларын қурыў жумыслары және Әмиўдәрья районындағы қуўатлылығы 40 000 м3/сутка. болған “Маңғыт” суў тазалаў қурылмасын қурыў жумыслары алып барылмақта.
Президентимиздиң 2022-жыл 22-январьдағы арнаўлы қарары тийкарында Нөкис қаласында жайласқан “Нөкис” суў тазалаў тарнаўын реконструкциялаў” жойбары әмелге асырылды.
Жойбар шеңберинде каналдан суў алыў қурылмасына 14 қазық (свай) қағылып, 0,210 километрлик технологиялық қубыр тартылды ҳәм 2-көтерме насос станциясына 4 насос үскенелери орнатылды. Үш горизонтал суў тындырғышы тазаланып, оған 0,265 километрлик технологиялық қубырлар тартылды. 14,2 мың м3 лик 2 жаңадан қурылған суў тындырғышта технологиялық металь қубырлар тартылды ҳәм суў тындырғыш қурылды. 23 мың жаңа фарсунка үскенелери алып келинип, 150 метр пульповод алып келинди. Бар ҳәм жаңадан қурылған қурылмаларды электр менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылды.
Нәтийжеде, алдын «Нөкис суў тазалаў» қурылмасында улыўма қуўатлығы суткасына 60 мың куб метр суў жеткерип бериў имканияты болған болса, Президентимиздиң арнаўлы қарары менен 74,9 млрд. сум қаржы тийкарында реконструкциялаў жумыслары алып барылып, бул көрсеткиш 90 мың куб метрге жеткерилди. Ал, халықты таза ишимлик суўы менен қамтып алыў 279 мыңнан 340 мың пуқараға жеткерилди.
Сондай-ақ, Президентимиздиң 2019-жыл 9-апрельдеги ПҚ-4271 санлы қарарына муўапық, Нөкис районының ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде Азия раўажланыў банкиниң 11,4 млн. долларлық қаржылары есабынан қурылыс жумыслары алып барылды.
Жойбар шеңберинде 263 километрлик ишимлик суўы тармақларының тартылыўы арқалы 31 мыңнан аслам адамның таза ишимлик суўы менен тәмийинлениўи жақсыланыўына ерисилди. Сондай-ақ, «Мәденият», «Абадан», «Кердер» насос станциялары қурылып, районлық суў тәмийнаты кәрханасының еки қабатлы жаңа имараты, барлық заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген лаборатория қурып питкерилди.
Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 4000 нан аслам пуқара биринши мәрте ишимлик суўы менен тәмийинлениўге ерисилди.
Мағлыўмат ретинде атап өтетуғын болсақ, район халқын ишимлик суў менен тәмийинлеў дәрежеси алдынғы 68,4 проценттен 90 процентке жеткерилиўине ерисилди.
Буннан тысқары грант қаржылары тийкарында алыс аўылларда жасаўшы халықтың ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажландырыў фонды (БМШРФ) ның «Климатқа шыдамлы аўыл хожалығы арқалы Аралбойы регионында турақлылықты қоллап-қуўатлаў» халықаралық жойбары шеңберинде 131 мың АҚШ доллары муғдарындағы грант қаржылары тийкарында Кегейли районы Абат аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы суў душшыландырыў станциясында реконструкциялаў жумыслары алып барылды.
Жойбар шеңберинде суў станциясы жаңаланып, оның қуўатлылығы 12 куб метрге жеткерилди. Бүгинги күнде жаңа суўды душшыландырыў станциясы пайдаланыўыға тапсырылды ҳәм бул арқалы аймақтағы 250 хожалықтағы 1250 адамның таза ишимлик суўы менен турақлы тәмийинлениўине ерисилди.
Қараөзек районындағы Қойбақ АПЖ аймағында бүгинги күнде 236 шаңарақта 1050 ден аслам адамның ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды.
“Ўзсувтаъминот” АЖ есабынан усы аймақтың ишимлик суўы тәмийнатын және де жақсылаў мақсетинде жойбар баҳасы 660 млн. сумлық қаржы ажыратылды. «Гүзберген» аўылына қуўатлылығы 1 м3/саат, «Дағар» аўылына 0,5 м3/саат ҳәм «Хожа» аўылына 0,5 м3/саат.лық 3 дана жаңа суўды душшыландырыўшы үскенелер қурылды.
Булардың барлығы халқты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўге қаратылған жумыслардың айқын дәлили есапланады.
Сондай-ақ, Президентимиздиң арнаўлы арнаўлы қарары тийкарында, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўындағы “Өзбекстанның батыс бөлегинде ишимлик суўы тәмийнаты системаларын раўажландырыў” жойбары бойынша Қараөзек, Беруний, Әмиўдәрья ҳәм Мойнақ районларында суў бөлистириў қурылмалары ҳәм суў тармақларын қурыў жумыслары алып барылмақта.
Бүгинги күнде жәми 9 қурылыс пакетинен 2 пакет бойынша қурылыс жумыслары жуўмақланды, 6 пакет бойынша жумыслар даўам етпекте, қалған 1 пакет бойынша тендер процесслери әмелге асырылмақта.
Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери.