Пост арқалы өтиў қағыйдалары әпиўайыластырылмақта

14

Бажыханада ҳуқықбузарлықларға қарсы профилактика күни мүнәсибети менен “Нөкис-Аэропорт” ҳәм “Хожели” шегара бажыхана постларында бажыхана хызметкерлери тәрепинен пост арқалы ҳәрекетленген пуқаралар менен профилактикалық илажлар өткерилди.

Пост хызметкерлери бажыхана тараўы ушын әҳмийетли нызамшылық талаплары, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, контрабандалық ҳәм нызамсыз товарларды алып кириўге қарсы гүресиў бойынша әмелий түсиниклер берилди.

Ушырасыўлар даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 17-декабрьдеги “Бажыхана ҳәкимшилиги ҳәм сыртқы саўда тәртиплерин және де әпиўайыластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилгенлиги, пәрман менен шегара өткериў пунктлериндеги қадағалаў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў бағдарында енгизилген қағыйдалар туўралы мағлыўматлар берилди.

Онда шегара әскерлери тәрепинен шахсларды паспорт қадағалаўынан өткериўде төмендеги тийкарларға бола бажыхана уйымларын хабардар етиў әмелияты жолға қойылатуғынлығы атап өтилди, яғный, бажыхана уйымлары мәлимлеме системасында шахстың бажыхана қадағалаўындағы автотранспорт қуралы бар екенлиги ҳаққында мағлыўмат болса, шахс бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлығы ямаса бузыў қәўпи бар болса хабардар етиўи керек.

Бажыхана хызметкерлериниң лаўазым ўәкиллигинен материаллық ямаса материаллық емес мәп есесине пайдаланыў, дәмегөйлик жағдайларына дус келсе, Бажыхана комитетиниң 11-08 ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының +99861 224-90-86 исеним телефон номерлерине қоңыраў етип, хабар бериўи соралды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги