Округ сәркардасы жаслар менен ушырасты

Бозатаў районындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Мәртлик мектеби оқыўшылары менен «Командир ҳәм жаслар ушырасыўы» болып өтти.
Онда район ҳәкими Б.Уббиниязов, Арқа-батыс әскерий округи сәркардасы, полковник Р.Рахманов ҳәм район прокуроры Ж.Аширбаевлар қатнасып, мектеп оқыўшыларын елимизге кирип киятырған жаңа жыл менен қутлықлады. Сондай-ақ, ушырасыўда тийкарынан мектепте оқыў жылы даўамында әмелге асырылған илажлар, ерисилген жетискенликлер ҳәм келешектеги раўажландырыў режелери ҳәр тәреплеме додаланды ҳәм билимлендириў процесинде әскерий-Ўатансүйиўшилик бағдарында алып барылып атырған жумыслар айрықша атап өтилди.
Ушырасыўда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алып, бир қатар белсенди жаслар Арқа-батыс әскерий округи тәрепинен сыйлықланды.

Буннан соң, Арқа батыс әскерий округи әскерий хызметкерлери тәрепинен көргизбели жаўынгерлик шынығыўлар көрсетилип, әскерий оркестр жәмәәтиниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди. Өткерилген бул илаж оқыўшы жаслардың ертеңги айдын келешекке деген исенимин беккемлеп, олардың ядында умытылмас тәсирлер қалдырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы