Спикер Японияның Өзбекстандағы елшиси менен ушырасты

11

Cоӊғы жылларда Япония ҳәм Өзбекстан қатнасықлары және де раўажланып, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жеделлесип бармақта.

Еки тәреплеме исенимли қатнасықлардың көлеми Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов ҳәм Японияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Кэндзи Хирата ушырасыўында айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда ҳәр еки мәмлекет басшыларының ҳәрекетлери менен өз-ара бирге ислесиў сапа жағынан жоқары басқышқа көтерилгени атап өтилди.

Елши Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 18-20-декабрь күнлери Японияға рәсмий сапары еки мәмлекет арасындағы көп тәреплеме қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шыққанын айрықша атап өтти. “Япония Өзбекстанды региондағы беккем стратегиялық шериклик позициясында көриўден мәпдар”, деди ол.

Х.Кэндзи Өзбекстан Республикасы Президентиниң Японияға сапары табыслы болғанын, бул сапар етиў байланыслардың жаңа дәўирин баслап бергенин атап өтти. Оның пикиринше, Өзбекстан жетекшисиниң “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасының биринши саммитинде алға қойған усыныслары регионның турақлы раўажланыўы ушын оғада әҳмийетли.

Өзбекстан жетекшисиниң сапар етиў ўақтындағы барлық ушырасыўлары, соның ишинде, Япония Парламенти басшылары менен сөйлесиўлери еки мәмлекет нызамшылық уйымларының бирге ислесиўин беккемлеўге хызмет етеди.

Дослық ҳәм конструктивлик руўхта өткен сөйлесиўде дослық топарларының ролин күшейтиў, нызам дөретиўшилиги тараўында тәжирийбе алмасыў, парламент комитетлери арасында бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли мәселелер сыпатында атап өтилди.

М.Комилова,

ӨзА